Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик  сапар менен Францияға барады

228

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макронның мирәт етиўине бола 11-13-март  күнлери мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетте болады.

Сапар шеңберинде  Париж қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиў ҳәм илажлар, Францияның рәсмий ҳәм исбилермен топарлары менен бир қатар ушырасыўлар өткерилиўи режелестирилген.

Болажақ  сөйлесиўлер күн тәртибинен көп тәреплеме Өзбекстан-Франция қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери орын алған.

Саўда-эколномикалық ҳәм инвестициялық тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў, Францияның жетекши компания ҳәм кәрханалары  менен кооперация жойбарларын алға қойыўға тийкарғы итибар қаратылады.

Саммит жуўмағында ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық келисимлер топламын  қабыл етиў нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысы ЮНЕСКО Бас директоры Одри Азуле менен ушырасып, шөлкем Бас конференциясының 43-сессиясына таярлық көриў  ҳәм оны быйылғы жылдың гүз мәўсиминде Самарқанд қаласында өткериўдиң әмелий жақларын додалайды.

Болажақ сапар қарсаңында көплеген илажлар өткерилип атырғанын атап өтиў зәрүр.

Атап айтқанда, 1-март  күни Гретц-Арменвиль қаласындағы «Ураноскоп» обсерваториясы аймағында уллы илимпаз Әбиў Райхан Берунийдиң естелиги ашылды.

Усы күнлерде Париж қаласында денсаўлықты сақлаў, илим ҳәм билимлендириў, мәденият, туризм ҳәм бизнес тараўларында форум ҳәм әнжуманлар өткерилмекте. Тулуза, Лион ҳәм Ниццада биргеликтеги исбилерменлик илажлары болып өтеди.

ӨзА