Университет ректорының байрам саўғасы

979

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 8-март – халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен байрам кешеси болып өтти.

Кешеге университетте мийнет етип атырған ең белсенди ҳәм пидайы ҳаял-қызлар, проректорлар ҳәм бөлим баслықлары қатнасты.

Илажда университет ректоры, академик А.Реймов  барлық ҳаял-қызларды усы байрам менен қызғын қутлықлап, олардың жәмийет ҳәм илимниң раўажланыўына қосып атырған салмақлы үлеслерин айрықша атап өтти. Сондай-ақ, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, оларға мүнәсип шараят жаратыў университет ректоратының турақлы итибарында екенлигин атап өтти.

Кешеде барлық ҳаял-қызларға естелик саўғалары ҳәм гүллер тапсырылды.

Илажда жасы үлкен устазлар да шығып сөйлеп, университет басшылары ҳәм жәмәәтине бундай итибар ҳәм ғамқорлық ушын өз миннетдаршылығын билдирди. Олар ҳаял-қызларға көрсетилип атырған ҳүрмет ҳәм итибардың барған сайын артып атырғанын, бул болса жәмийеттиң раўажланыўына үлкен түртки беретуғынын атап өтти.

Өткерилген бул байрам илажы университет жәмәәтиниң ҳаял-қызларға болған жоқары ҳүрмет-иззетиниң және бир айқын көриниси болды.

Университет басшылары келешекте де ҳаял-қызлардың кәсиплик ҳәм илимий жумысын қоллап-қуўатлаўға, оларға және де кең имканиятлар жаратыўға итибар қарататуғынын атап өтти.

Байрам илажлары барлық факультетлерде даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы