«Прокуратура, ишки ислер, салық басшылары жақсылап тыңлап алсын: сектор жумысынан азат етиў бул – ески дәўирге қайтып, халық ҳәм исбилерменлерге ҳәр қәдемде тосқынлық, коррупцияға шараят жаратыў, дегени емес», – деди мәмлекетимиз басшысы.

423

Районда жынаятшылықты басқарыўға ҳәким бас болып, барлық жумысларды муўапықластырыў, оның бул бағдардағы орны ҳеш жерге жоғалмайтуғыны көрсетип өтилди.

Ҳәр ҳәптеде прокурор ҳәм ишки ислер баслығы менен аймақтағы жағдайды додалап барыўы шәрт ҳәм зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бас прокуратура, Ишки ислер, МҚХ академиялары, Юридикалық ҳәм Жәмийетлик қәўипсизлик университетлерине жынаятшылықтың алдын алыў бойынша аймақ ҳәм  тараўлар бириктирилген еди. Бирақ, олар криминоген жағдай қурамалы  мәҳәлелерге алымларын жибермей атырғаны, бул мәҳәллелерди үлгили етиўде белсендилик көрсетпей атырғанына наразылық билдирилди.

Миллий кеңес ҳәр шеректе бул жоқары оқыў орынларынан да есабат сорап барыўы керек екенлиги атап өтилди.

Улыўма, Сенат кеминде 1 аймаққа жынаятшылықты кескин қысқартыў бойынша  усыныслар берип барыўы бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин және де арттыратуғынына исеним билдирилди.

Буннан былай, министр ҳәм ҳәкимликлердиң лаўазымына қойылыўынан алдын коррупцияның алдын алыў бойынша анық режесин парламент ҳәм жергиликли кеңеслер алдында қорғайтуғын система енгизиў усыныс етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги