Белгили дөретиўшилер студентлер менен ушырасты

288

«8-март – халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы алдынан Юридика факультети деканының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси С.Аманиязованың шөлкемлестириўи менен елимизге белгили шайыр, жазыўшы ҳәм кино актриса менен студент-қызлардың ушырасыўы болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар Аўқамының ағзасы, «Дослық» ордениниң ийеси Гүлистан Дәўлетова, жазыўшы Оралхан Сапарова, сондай-ақ, көркем-өнер хызметкери, кино актриса Разия Оразалийевалар мийманда болды.

Елимизге белгили дөретиўши инсанлар менен ушырасыўда  студент-жасларға көркем әдебиятқа болған муҳаббат, жазыўшылық сырлары, дөретиўшилик жолында ушырасқан қыйыншылықлар ҳәм жетискенликлер ҳаққында кең түрде айтып берди.

Илаж даўамында студентлер кеше мийманларына өзлерин қызықтырған сораўларын берди ҳәм баҳалы мәсләҳәтлер алды. Мийманлардың қосықлары ҳәм гүрриңлери инсан қәлбин гөззал сезимлерге бөлеп, көркем сөз ҳәм әдебияттың күшин және бир мәрте сезгендей болды.

Г. Жолдасбаева,

Г. Нажматдинова,

«Зийрек жаслар» кең тармақли клубы ағзалары

Қарақалпақстан хабар агентлиги