Университетте мийнет ярмаркасы өткерилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жылдың 4-февральдағы «Жоқары оқыў орынлары питкериўшилериниң жумысқа орналасыўына жәрдемлесиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының басламасы менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде мийнет ярмаркасы болып өтти.
Илажда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң оқыў ислери бойынша проректоры О.Дуйсенбаев Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының бөлим баслығы А.Еркунусов, Республика Прокурорының аға жәрдемшиси Н.Аллабергенова шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде оқыў орынларының питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм олардың мийнет базарында мүнәсип орын ийелеўи бойынша әмелге асырылып атырған илажларға тоқтап өтти.

-Өткерилип атырған бул илаж питкериўшилердиң келешектеги кәсиплик жумысларын жолға қойыўда үлкен әҳмийетке ийе болып, университет ҳәм жумыс бериўшилер арасында беккем бирге ислесиўди орнатыўға хызмет етеди,-дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң оқыў ислери бойынша проректоры О.Дуйсенбаев.
Ярмаркаға мәмлекетлик шөлкемлер, ири кәрханалар ҳәм жеке меншик сектор ўәкиллери қатнасып, өзлеринде бар болған бос жумыс орынлары ҳаққында мағлыўмат берип, студентлер ҳәм питкериўшилер менен өз-ара сәўбетлести.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы