Өзбекстан Украина бойынша резолюцияда бийтәреп қалды

БМШ Украина бойынша резолюциясын қабыллады. Өзбекстан онда бийтәреп қалды.
Бас Ассамблея Украина тәрепинен Европа мәмлекетлери менен биргеликте таярланған резолюцияны қабыллады. Ҳүжжет усыныслық характерге ийе. Резолюцияны жақлап 93 мәмлекет даўыс берди, 18 мәмлекет қарсы даўыс берди. Өзбекстан ҳәм және 64 мәмлекет бийтәреп қалды.
Резолюция текстинде Россия әскерлерин Украина аймағынан «тезлик пенен, толық ҳәм сөзсиз» алып шығып кетиў ҳәм әскерий ҳәрекетлерди тоқтатыў зәрүрлиги ҳаққында сөз болады.
Сондай-ақ, ҳүжжет халықаралық жәмийетшиликтиң Украинаның тән алынған шегаралары шеңбериндеги суверенитети, ғәрезсизлиги ҳәм аймақлық пүтинлигине садықлығын тастыйықлайды.
Алдынырақ АҚШ резолюцияның өзине тән вариантын усыныс еткен ҳәм Украина усыныс еткен ҳүжжетти қайтарып алыўға шақырған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги