Қытайда оғада сийрек ушырасатуғын тыңшы-камера жаратылды

242

Қытайлы илимпазлар Жердиң төменги орбитасынан адамның жүзи сыяқлы сүўретти таный алатуғын, дүньядағы ең күшли лазерли камера жаратты, деп жазды «South China Morning Post» басылымы.

Қытай Илимлер академиясы Аэрокосмослық мәлимлеме изертлеў институтының илимпазлары жəмəəти буннан алдын мəмлекеттиң арқа-батысында жайласқан Цинхай көлинде бул қурылманы сынақтан өткерген еди. Тəжирийбе ўақтында илимпазлар камера арқалы алынған үлкен көлемли мағлыўматларды қайта ислеў ушын 103 ваттлы лазерди реал ўақытта санлы қайта ислеў менен бирлестирген.

Технология киши толқынлы жасалма диафрагма-радар принципине тийкарланған, бирақ оптикалық толқын узынлығында ислейди ҳəм киши толқыннан пайдаланатуғын системаға қарағанда бираз анық суўрет жаратыў имканиятын береди.

Камера 100 километрден узақ аралықтан миллиметрге шекем өлшемдеги сүўретти алыў ушын қолланылған. Басылымның атап өтиўинше, бул бурын болмаған теңсиз нəтийже есапланады.

Қурылманың диаметри 1, 7 миллиметрге шекем болған бөлимлерди дәрҳал анықлай алған.

– Мағлыўмат дəрежеси алдыңғы тыңшы-камера ҳəм линза жəрдеминде телескоп арқалы көрилетуғын сүўреттен 100 есе сапалы,- деп жазған газета.- Жаңа қолланба сырт ел əскерий жасалма жолдасты теңсиз анықлықта үйрениў имканиятын береди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги