Китапхана ҳүжжетлерин жүргизиў тәртиби бойынша кең түсиниклерге ийе болды

277

Республикалық Балалар китапханасында барлық район(қала)лық  Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы  мектеп китапханашыларының кәсиплик маманлығын арттырыў, олардың билим дәрежесин раўажландырыў ҳәм беккемлеў мақсетинде, «Мектеп китапханасы хүжжетлерин жүргизиў тәртиби» атамасында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

Семинартренингти  Республикалық Балалар китапханасы директоры З.Сейтниязова, директордың шөлкемлестириў ислери бойынша орынбасары З.Рамбергеновалар шығып сөйлеп, илажды өткериўдиң мақсети ҳәм ўазыйпалары, китапхана жумысларының жетискенликлери бойынша  кең түрде айтып өтти.

Семинарда «Улыўма орта билим бериў мектеби китапханашысының лаўазымлық ўазыйпалары» атамасында слайд презентациясы  менен китапхананың методикалық бөлим баслығы А.Тлеумуратова  шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң 2024-жыл 16-октябрьдеги 334-санлы буйрығының 43-қосымшасында белгиленген китапхана баслығының лаўазымлық миннетлери  хаққында айтып, семинар қатнасыўшыларына кең түрде түсиниклер берди.

Буннан соң «Мектеп китапханаларында китап оқыўшыға хызмет көрсетиў ҳәм хүжжетлер менен ислесиў тәртиби» атамасында слайд презентациясы менен китап оқыўшыларына хызмет көрсетиў бөлими баслығы И.Аметова, «Библиографиялық хабарларды усыныўдың тийкарғы формалары ҳәм китап көргизбе, китап презентацияларды жаратыў усыллары» атамасында слайд презентациясы менен Мәлимлеме-библиография сектор баслығы А.Нурыллаева, «Мектеп китапханаларында жаңа технологиялардан пайдаланыў усыллары» бойынша слайд презентациясы менен  мәлимлеме ресурслары ҳәм технология бөлим баслығы К.Ибраймовлар жақыннан таныстырып өтти.

Китапхананың Мәдений массалық илажлар бөлими баслығы А. Аманғалиева болса, китап оқыўшыларын китапханаға тартыў, оларды китапқумарлыққа қызықтырыўдың жаңа усыллары бойынша «Китаплар бәндиргиси» атамасында интерактив ҳәм викториналық ойынлар шөлкемлестирип, оны өткериўдиң тәртиби бойынша өз мәсләҳәтлерин берди.

Семинар-тренинг  ҳәм әмелий жумыслар менен даўам етти. Атап айтқанда, Республикалық Балалар китапханасының китапларды жәмлеў ҳәм каталогластырыў бөлими тәрепинен қатнасыўшыларға мектеп китапханасына жаңадан келген әдебиятларды дизимге алыў ҳәм әдебиятларды техникалық жақтан қайта ислеў жумыслары әмелий усылда көрсетилди ҳәм китапханашылар өзлери менен алып келген китапты техникалық жақтан қайта ислеп үйренди.

Сондай-ақ, китап оқыўшыларға хызмет көрсетиў бөлими тәрепинен  китапханаға оқыўшыларды ағза етиў, дизимге алыў, күнделик толтырыў тәртиби бойынша әмелий жумыслар өткерилди. Китапханашылар өзлери әмелде китапханада жүргизилетуғын хүжжетлерди толтырыў тәртиплерин әмелде көрсетип, олардың кәсиплик маманлық тәжирийбеси, билим дәрежелери арттырылып барылды. Китапхана хызметкерлери тәрепинен таярланған методикалық қолланбалар, методикалық усыныслар, мектеп китапханаларын безеў ҳәм китап фондларын толтырыў бойынша стандартлар, нормативлик ҳүжжетлер топламлары ҳәм басқа да керекли  мағлыўматлар берилди.

Семинар-тренинг соңында китапханашылар менен өз-ара пикир алысып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы