Жумыссызлықты қысқартыў бағдарында ушырасыў өткерилди

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың жасаў шараятларын жақсылаў бағдарында алып барылып атырған жумыслар жедел әмелге асырылмақта. Әсиресе, жаслар арасында жумыссызлықты қысқартыў, олардың турақлы дәрамат дереклерине ийе болыўын тәмийинлеўге қаратылған жумыслар аймақларда даўам етпекте.
Төрткүл районы ҳәкимлигинде район ҳәкиминиң орынбасарлары А.Авезимбетов, У.Аллабергенов ҳәм район ҳәкимлиги шөлкемлестириў-кадастр топарының басшысы А.Искандаровлардың басшылығында усы мәселеге бағышланған ушырасыў болып өтти.
Район мәлимлеме хызмети бөлиминиң мағлыўматына бола, ушырасыў 2024-жылы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерин тамамлап, бүгинги күнде жумыссыз болып Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятларда ислеўди қәлеўши жаслар менен мәнзилли дизим тийкарында өткерилди.

Илаж даўамында жаслардың пикир-усыныслары тыңланды.
Қатнасыўшылар жумысқа орналысыў бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға тараў қәнигелеринен жуўаплар алды.
Қәнигелер жумысқа орналысыў бойынша өзлериниң усынысларын берип өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги