Ул-қызлардың  сабақтан бос ўақты нәтийжели  өтпекте (видео)

453

Қарақалпақстан Республикасы Беруний районындағы «Бәркамал әўлад»  балалар мектебинде «Мәденият ҳәм көркем өнер», «Техникалық конструкторлық ҳәм модельлестириў», «Денетәрбия ҳәм спорт», «Туризм ҳәм экология»,  «Өнерментшилик ҳәм экология», «Жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм мектепке таярлаў», «Шет тиллери» сыяқлы бағдарларда 57 дөгерек шөлкемлестирилген.

Дөгереклерде жәми 2 мыңнан аслам ул-қыз билим ҳәм шеберлигин арттырмақта. Сабақларды қызықлы ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў ушын барлық шараят жаратылған. «Робототехника», «Компьютер дизайни ҳәм графикасы», «Ментал арифметика», «Мектепке таярлаў», «Пишиў-тигиў», «Ойын» «Жас художник», «Мини футбол», сыяқлы дөгереклерге қызығыўшылық билдирип атырған  жаслар, көпшиликти қурайды.















Буннан тысқары, район аймағындағы 30 ға шамалас улыўма билимлендириў мектебинде «Бәркамал әўлад» мектебиниң филиаллары шөлкемлестирилген. Бул дөгереклер шетки аўыл жасларының да сабақтан бос ўақытын нәтийжели шөлкемлестириўде оғада әҳмийетли орын ийелемекте.

ӨзА