Балалар ҳәм халықтың мүтәж қатламлары ушын инкюзив ҳәм қолайлы орталық жаратылады

Пайтахтымызда БМШ Балалар қоры (ЮНИСЕФ)ның 2026-2030-жылларға белгиленген жаңа мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларын додалаўға бағышланған ушырасыў болып өтти.
ЮНИСЕФ Өзбекстан ҳүкиметин балаларға болған эксплуатация, зорлық, қараўсызлық, зыянлы әмелиятлардың алдын алыў, оларға қарсы гүресиўди күшейтиўге нәтийжели ҳәм инклюзив балаларды қорғаў системасын жаратыўда қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтиў керек.

Илаж даўамында жаңа мәмлекетлик бағдарламаның тийкарғы мақсетлери усынылды. Бағдарлама 2026-2030-жыллар даўамында балалар ҳәм халықтың мүтәж қатламлары ушын инклюзив ҳәм қолайлы орталық жаратыўға қаратылған. Додалаўлар процесинде социаллық қорғаў системасын жетилистириў, майыплығы болған балаларды қоллап-қуўатлаў, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў системасын беккемлеў, сондай-ақ, экономикалық реформаларға жәрдем бериў сыяқлы әҳмийетли бағдарларға айрықша итибар қаратылды.

Тараў ўәкиллериниң атап өтиўинше, ЮНИСЕФтиң 2026-2030-жылларға белгиленген жаңа мәмлекетлик бағдарламасы Өзбекстан Республикасы ҳүкимети менен биргеликте ислеп шығылмақта.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзАның хабаршысы