Стартап жойбарларға 2 миллиард сумға шекем қаржы ажыратылады

148

Президент қарарына бола, инкубация яки акселерация бағдарламасын табыслы жуўмақлаған ҳәм стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын өткерилген арнаўлы танлаўларда жеңимпаз (сыйлық ийеси ) болған стартап жойбарларға төмендеги бағдарлар бойынша венчур қор тәрепинен 2 миллиард сумға шекем инвестиция қаржылары олардың устав фондына үлес сыпатында киргизиў арқалы ажыратылады:

– перспективада табысқа ерисиў потенциалы жоқары болған үлги модельди ислеп шығыў процесиндеги стартап жойбарға – 500 миллион сумға шекем;

– Өзбекстан базарында табыслы енгизилген стартап жойбарға -1 миллиард сумға шекем;

-сырт ел базарына шығыў имканиятына ийе болған стартап жойбарға -2 миллиард сумға шекем;

-Саўда-санаат палатасы ҳәм орынлардағы ҳәкимликлер:

-Қор тәрепинен қоллап-қуўатланатуғын бизнес жойбарлардың раўажланыўына жәрдемлесиў ушын жеке жуўапкер етип белгиленеди;

– ҳәр шеректе жоқары қосымша қун жаратыўшы бизнес жойбарларды қаржыландырыў ушын Қорға усыныслар киргизип барады,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

                                                                           Қарақалпақстан хабар агентлиги