Ҳаял-қызлар ҳәм балалар саламатлылығы жәмийетимиз келешегиниң тийкары

Нөкис қаласындағы «Жипек жолы» мийманханасында “Медиа клуб”тың экологиялық машқалалар, климат өзгериўи ҳәм олардың ҳаял-қызларға тәсирин сәўлелендириў мәселесине бағышланған семинар шөлкемлестирилди.
Семинарға экспертлер, журналистлер, блогерлер, Қарақалпақстан медицина институтының ассистент-оқытыўшылары ҳәм студентлери, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң (МКШ) ўәкиллери қатнасты.
Додалаўларда климат өзгериўиниң ҳаял-қызлардың денсаўлығына тәсири, ғалаба хабар қуралларында дезинформация тарқалыўы ҳәм гендер стереотиплерине қарсы гүресиў темалары көтерилди.
Сенатор Орал Атаниязова “Медиа ҳәм Экология: Нөкис”те дезинформация ҳәм гендер машқалалары”, климат өзгериўиниң ҳаял-қызлардың денсаўлығына тәсири ҳаққында мағлыўмат берди ҳәм климат өзгериўине қарсы гүресиўде гендер теңлиги әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Илаж даўамында журналистлер климат өзгериўи ҳәм гендер машқалаларының байланысы ҳаққында билимлерин арттырып, материал таярлаў бойынша әмелий көнликпелерге ийе болды.
Илаж “EU Tabassum (Smile): ҒХҚ көнликпелери арқалы гендер теңлигин үгит-нәсиятлаў ҳәм Өзбекстанның жас ҳаял-қызларын қоллап-қуўатлаў” жойбары DW Akademie тәрепинен Заманагөй журналистиканы раўажландырыў орайы (MJDC) менен биргеликте әмелге асырылды.
Жойбар Европа аўқамы тәрепинен қаржыландырылған болып, Германия Федерал Экономикалық бирге ислесиў ҳәм Раўажланыў Министрлиги (BMZ) тәрепинен қоллап-қуўатланады.
Илажда қәнигелер тәрепинен Арал апатшылығы – экологиялық апатшылықтың социаллық тараўға қандай тәсир етиўиниң ең айқын мысалларының бири екенлиги, бул машқалаларды объектив сәўлелендириўдиң зәрүрлиги атап өтилди.
– Зыян көрген аймақларда ҳаял-қызлар үлкен жүклемелерге дус келип атыр, денсаўлықтың төменлеўи, бийперзентликтиң артыўы, суў жетиспеўшилиги себепли үй жумысларының көбейиўи сыяқлы машқалалар, көрилип атырған шаралар ҳаққында айтылыўы керек. Мен экологиялық кризистен жәбир көрген аймақлардың тиклениўине ҳәм социаллық-экономикалық жақтан тикленип раўажланыўына исенемен. Ҳаял-қызлар ҳәм балалар саламатлылығы жәмийетимиздиң келешегиниң тийкары болып табылады. Ҳәр бир ҳаялда, ҳәр бир балада гөззал, саламат ҳәм бахытлы келешек потенциалын көремен. Биз қыйыншылықларды жеңип өтемиз, жойытқанларымызды тиклеймиз ҳәм экологиялық кризистен жәбир көрген аймақларда абаданлық жаратамыз,-дейди О.Атаниязова.
Еки күн даўамында өткерилген илаж “Теңлик журналистикасы: гендер ҳәм климат мәселелери” тренингиниң даўамы болып, тренинг шеңберинде журналистлер гендер мәселелери ҳәм экология арасындағы байланыслылықты үйренди. Соның менен бирге, бул тема бойынша материаллар таярлаў ушын әмелий көнликпелерге ийе болды.
Илажда Ҳаял-қызларды кемситиўдиң барлық түрлерин тоқтатыў ҳаққындағы БМШ Конвенциясы, Өзбекстан Республикасында ер адамлар менен ҳаял-қызлардың тең ҳуқықлылығы бойынша қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар, нызамлар ҳаққында кең түрде мағлыўматларға ийе болды.


Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги