Европа компаниясы Өзбекстан кәрханаларына узақ мүддетли буйыртпалар бериў имканиятын көрип шықпақта

328

Өзбекстан  халықаралық бизнес ушын тартымлы мәнзилге айланып, ири компаниялардың итибарын тартып, түрли тараўларда бирге ислесиў имканиятларын кеңейтпекте. Сырт ел исбилерменлериниң  елимизге келиўи ҳәм жергиликли тоқымашылық кәрханаларының жумысын үйрениўи оның айқын мысалы болып есапланады.

Жақында  Европаның «ARTIFEX CO.Ltd» компаниясының ўәкили Вольф-Дитер Ланг жергиликли тоқымашылық кәрханалары менен бирге ислесиў имканиятларын  үйрениў мақсетинде Өзбекстанға келди.

Мийманлар «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы жәрдеминде 15 тен аслам ири кәрханалар, атап айтқанда, “IDEAL”, “MoltoCaldo”, “ADIM”, “FAZMAN” сыяқлы брендлер ҳәм  “Mustang Textile”, “Sadokat Sanoat Service”, “Ёзвон Textile”, “Amira Textile” сыяқлы ислеп шығарыўшылардың  жумыс процеси менен жақыннан танысты.

“ARTIFEX CO.Ltd” компаниясының ўәкили Өзбекстан кәрханаларының жоқары потенциалын атап өтип, узақ мүддетли бирге ислесиў орнатыўдан мәпдар екенлигин билдирди. Соның менен бирге, тәреплер биргеликтеги жойбарлар, технологиялардың алмасыўы ҳәм жаңа дизайн қолланбаларын додалады.

«Өзтоқымашылықсанаат» ассоциаициясы халықаралық брендлерди тартыў бөлими баслығы Абдулазиз Абдураҳимовтың атап өтиўинше, “ARTIFEX CO.Ltd”  компаниясы Өзбекстан кәрханаларына узақ мүддетли буйыртпалар бериў имканиятын көрип шықпақта.

-Бул сапар етиў Европа мода базарында Өзбекстанның тоқымашылық өнимлерине болған қызығыўшылықтың артып баратырғанын көрсетеди. Бирге ислесиў нәтийжесинде жергиликли ислеп шығарыўшылар халықаралық базарға шығыў имканиятына ийе болып, жоқары сапалы эксклюзив коллекциялар жаратыўы нәзерде тутылған. Жетекши брендлер менен шериклик Өзбекстанның тоқымашылық санаатын жаңа басқышқа алып шығып, мәмлекеттиң халықаралық  мода картасында және де беккем орын ийелеўин тәмийинлеўи мүмкин, – деди А.Абдурахимов.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА