Бабур шығармаларының қунлылығы сөз етилди

Шайыр, алым, сәркарда ҳәм уллы мәмлекетлик ғайраткер Заҳриддин Мухаммед Бабурдың туўылғанына 542 жыл толыўы мүнәсибети менен пайтахтымыздаға И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде «Жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда Заҳриддин Мухаммед Бабур мийрасының орны ҳәм әҳмийети» атамасында әдебий дөретиўшилик кеше болып өтти.

Илажға Әжинияз атындағы НМПИ диң өзбек әдебияты кафедрасы оқытыўшысы М.Ергашев, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр А.Дарменов, муғаллимлер ҳәм оқыўшы жаслар қатнасты. Онда сөзге шыққанлар шайырдың ала сапыранлы жылларда өткен өмир жолы, әскерий сәркардалық хызметлери, дөретиўшилик мийнетлери ҳәм шығарамаларының қунлылығы ҳаққында сөз етти. Әдебий кеше даўамында мектептиң қәбилетли оқыўшылары тәрепинен шайырдың өмирине байланыслы сахналық көринислер атқарылып, ғәззел ҳәм рубайылары ядтан айтып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги