Елшимиз Шӯро Кеңесиндеги Қатар –Өзбекстан дослық топары басшысы менен ушырасты

275

«Ар-Рая» басылымы Шӯро Кеңесиндеги Қатар-Өзбекстан парламенти дослық топары басшысы, инженер Аҳмад бин Ҳитми Ал-Ҳитмий ҳәм Өзбекстан Республикасының усы мәмлекеттеги Айрықша толық ҳуқықлы елшиси Ашраф Хӯжаевтың ушырасыӯын сәўлелендирди.

 Сөйлесиӯ даӯамында еки дос мәмлекет арасындағы парламент байланысларын раӯажландырыӯ мәселеси көтерилди.

Кеңес ӯәкили, парламенттеги дослық топар ағзасы Саъд бин Аҳмад Ал-Муҳаннадий де қатнасқан келисимде Өзбекстан-Қатар байлаысларын беккемлеӯ жолындағы жаңа қәдемлер де додаланды. Бирге ислесиӯ көлемин еки ҳәм көп тәреплеме форматта кеңейтиӯ, соның ишинде 2025-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарларды үйрениӯге айрықша итибар қаратылды.

 

 ӨзА