Өзбекстан делегациясы халықаралық әнжуманда қатнаспақта

Өзбекстан делегациясы Египет Араб Республикасы ҳүкимети тәрепинен шөлкемлестирилген III Халықаралық жасалма интеллект форумында қатнасты.
Әнжуман шеңберинде заманагөй технологиялардың келешек ушын әҳмийети темасы додаланды. Атап айтқанда, Египет Сыртқы ислер, Қатнасық ҳәм мәлимлеме технологиялары министрликлериниң ўәкиллери, сондай-ақ, Каирдағы Келешек университетиниң қәнигелери тараўды раўажландырыў бойынша тәжирийбе ҳәм көзқараслары менен ортақласты.
Мәмлекетимиз делегациясы қурамынан орын алған Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң ўәкиллери Абдуҳамид Абдураззоқов ҳәм Жамшид Маннопов елимизде жасалма интеллекти кеңнен енгизиў жолында алып барылып атырған жумыслар, жас изертлеўшилер ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында айтып, қәбилетли жасларымыздың бир қатар инновациялық жойбарларын усынды.
Тәжирийбе ҳәм идея алмасыў майданына айланған форум қатнасыўшыларына түрли мәмлекетлердиң тараўдағы жетискенликлерин өзлестириў, жаңа бағдарларды анықлаў ҳәм жасалма интеллектти раўажландырыў перспективасы менен байланыслы ҳәр қыйлы мәселелерди таллаў имканиятын берди.
А.Алимова, ӨзА