Мектеп оқыўшыларын кәсип-өнерге оқытыўда исбилерменлерди тартыў тәртиби белгиленди

373

Ҳүкимет қарары менен «Оқыўшыларды кәсип-өнерге оқытыўда улыўмалық орта билимлендириў мәкемелери ҳәм исбилерменлик субъектлериниң өз-ара бирге ислесиў тәртиби ҳаққында»ғы реже тастыйықланды.

Реже оқыўшыларды кәсип-өнерге оқытыўда улыўмалық орта билимлендириў мәкемелери менен исбилерменлер ҳәм өнерментлердиң өз-ара бирге ислесиў тәртибин белгилейди.

Реже төмендегилерди нәзерде тутады:

– улыўма орта билимлендириў мәкемелери ҳәм исбилерменлер арасындағы бирге ислесиў бағдарлары;

– улыўма орта билимлендириў мәкемелери оқыўшыларын кәсип-өнерге оқытыўды шөлкемлестириў тәртиби;

– исбилерменлер тәрепинен мектеплерде кәсип-өнер дөгереклерин шөлкемлестириў тийкарлары;

– улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң бос турған имаратларын исбилерменлерге ижараға бериўде улыўма орта билимлендириў мәкемеси ҳәм исбилерменлердиң миннетлемелери.

Кәсиплик дөгереклерге кәсипке қызығыўшылығы болған 7-11-класс оқыўшылары тартылады.

2025-жылдан 8-класс оқыўшылары ушын санаат, өндирис, хызмет көрсетиў, агротехнология тараўларындағы кәрхана ҳәм шөлкемлерге экскурсиялар шөлкемлестириледи.

2024-2025-оқыў жылының ақырына шекем мектеплердиң питкериўшилерин ийелейтуғын кәсип-өнери бойынша әмелий имтиханнан өткериў ҳәм оларға электрон сертификат бериў тәртиби енгизиледи.

ӨзА