Мәйек қымбатлағаны ушын таўықларды ижараға алыў басланды

Америкалы фермерлер қус гриппи себепли миллионлаған таўықларды жоқ етиўге мәжбүр болмақта. Ақыбетинде мәйек жеткериў кескин қысқарып, баҳалар көтерилди. NBC хабарына бола, мәйек қымбатлағанынан соң айырым тутыныўшылар таўықларды ижараға алыўды баслады.
«Екеў-төртеўден таўықты кетеги менен буйыртпашылардың ҳәўлисине жеткерип берип атырмыз. Еки таўық бир ҳәптеде он, төртеўи жигирмаға шекем мәйек қояды»,-деди Rent the Chicken Homestead шөлкеминиң жуўапкерлеринен бири Женн Томпкинс. Оның айтыўынша, адамлар ақшаны үнемлеў ушын емес, көбирек өзлерин қәтержам сезиў ушын сондай жол тутпақта.
Питтсбург жақынында жайласқан Rent the Chicken компаниясына 2013-жылы тийкар салынған болып, АҚШ ҳәм Канада бойлап фермерлер менен бирге ислеседи, таўықларды алты ай мүддетке ижараға берип турады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги