Өзбекстанда пенсия ҳәм напақалар муғдары арттылыўы мүмкин бе?

Айырым социаллық тармақ бетлеринде усы жыл 4-февральда Өзбекстанда минимал пайдаланыў қәрежетлериниң (МПҚ) қуны бир айда адам басына 669 мың сум етип белгиленгени, усы мүнәсибет пенен ҳәм Конституциямыздың 46-статьясы (нызамда белгиленген пенсиялар, напақалар ҳәм басқа түрдеги социаллық жәрдемниң муғдарлары рәсмий түрде белгиленген ең аз пайдаланыўшы қәрежетлеринен аз болыўы мүмкин емес) на бола, пенсия, напақа ҳәм нызам менен белгиленген басқа түрдеги социаллық жәрдемлердиң муғдары рәсмий түрде арттырылыўы мүмкин екенлиги ҳаққында хабарлар тарқалды.
2023-жыл 1-майда қабыл етилген Конституцияның жаңа редакциясында белгилеп қойылған жоқарыдағы тәртипке муўапық, пенсия ҳәм напақалардың муғдары соңғы рет 2024-жыл 30-апрель күни ПП-санлы Пәрман менен МПҚ қунына дурыс келтирилген.
Өз гезегинде, 2024-жыл 12-августтағы Президенттиң «Мийнет ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалардың мударын арттырыў ҳаққында»ғы Пәрманы менен пенсия ҳәм напақалар муғдары өткен жылдың 1-сентябиринен баслап 15 процентке арттырылған ҳәм соның ишинде:
– мийнет стажы толық емес ўаққытағы жасқа байланыслы пенсияның ең аз муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда –айына 745 000 сум;
– Бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясын алыўшылардың мийнетке қәбилетсиз шаңарақ ағзасы ушын пенсияның ең аз муғдары –айына 745 000 сум етип белгиленген.
Усыған бола, Статистика агентлиги белгилеген усы жылы 4-февральдағы минимал пайдаланыў қәрежетлери қунының жаңа муғдары (669 мың сум) ҳәзирги ўақыттағы пенсия ҳәм напақалар муғдарынан көп емес екенлиги себепли, Конституцияның 46-статьясы тәртибинде, олардың арттырылыўына тийкар болмайды,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги