Өзбекстан ҳәм Россия экономиканы суў ҳәм климат шараятына бейимлестириў бойынша бирге ислеседи

368

Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов «Газпромбанк»тиң биринши вице-президенти Екатерина Салугина-Сорокова менен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиўлер ўақтында Өзбекстанның экономикасын суў-климат кризисине бейимлестириў ҳәм дүнья экономикасының жасыл трансформациясына бағдарланған жойбардың перспективалары додаланды. Баслама 2025-2026-жыллары әмелге асырылыўы режелестирилген.

Россия тәрепи Өзбекстанның экономикасын өзгериўшең суў ҳәм климат шараятларына орта ҳәм узақ мүддетли бейимлестириў бойынша тийкарлы стратегияларды ислеп шығыўға қаратылған биргеликтеги илимий изертлеўлерди шөлкемлестириўди усыныс етти. Әмелий усыныслардың таярланыўы тек ғана суў ҳәм климат машқалаларын экономикалық ҳәм сиясий таллаў бойынша Өзбекстан эксперт орайларының ўәкилликлерин күшейтиў емес, ал еки мәмлекет арасындағы илимий бирге ислесиўди раўажландырыў жолындағы әҳмийетли қәдем болатуғыны атап өтилди.

А.Абдуҳакимов бул жойбар илимий-изертлеўдеги бирге ислесиў, сондай-ақ, Орайлық Азия регионында билим ҳәм технологиялар алмасыўы ушын тийкарғы платформаға айланыўы мүмкин екенлигин айтып өтти. Усы мүнәсибет пенен жумысшы топар дүзип, Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университетине («Green University») суў ресурсларын басқарыў тараўындағы қәнигелер менен өз-ара бирге ислесиў ушын оқыў сапарын шөлкемлестириўге де итибар қаратылды.

Изертлеў нәтийжелери тийкарында «2050-жылға шекем Өзбекстанның экономикасын суў-климат шараятлары өзгериўине бейимлестириў стратегиясы» ислеп шығылыўы нәзерде тутылған.

Сөйлесиў процесинде 2025-жылы бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде, өз-ара пайдалы нәтийжелерге ерисиў ушын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» шеңберинде биргеликтеги илимий жойбарлары әмелге асырыў ҳәм турақлы мәсләҳәтлесиўлер өткериўге келисилди.

М.Тошқораева, ӨзА