Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги – ӨзА 33 жаста!

279

Өзбекстан ашық-айдынлықты, сөз ҳәм мәлимлеме еркинлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларын ҳақыйқый «төртинши ҳәкимият»қа айландырыўды гөзлейтуғын, артқа қайтпас жолды таңлаған. Өйткени адамлардың санасында анаў яки мынаў идеяның қәлиплесиўинде ҒХҚның тәсири теңсиз.

Елимиздиң ишки ҳәм сыртқы сиясаты, елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды, жәмийетимизде жүз берип атырған үлкен өзгерислер ҳәм жаңаланыўларды оператив сәўлелендирип барыўда басқа басылымлардың қатарында Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң де мүнәсип үлеси бар екенин атап өтиў керек.

Бүгин ӨзА мәмлекеттиң рәсмий мәлимлеме дереги сыпатында оқыўшылар ушын қолайлы ҳәм қызықлы тәризде мәлимлеме жеткерип, республикамызда ҳәм дүнья жүзинде жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселерди өзбек, орыс, инглис, француз, немис, испан, араб, қазақ ҳәм қытай тиллеринде оператив ҳәм объектив түрде сәўлелендирип келмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманына тийкарланып 1992-жылы 5-февраль  күни агентлик Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (ӨзА) сыпатында қайта дүзилген.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң 2019-жыл 2-декабрьдеги «Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына бола, ӨзА республика турмысына байланыслы жәмийетлик-сиясий мәлимлемелерди тарқататуғын рәсмий мәлимлеме агентлиги екени атап өтилди ҳәм агентликтиң жумысы жетилистирилди.

Бүгинги күнде дүньяның жигирмаға шамалас мәлимлеме агентлиги ҳәм жетекши басылымлары менен байланыс орнатқан ӨзА Түркий мәмлекетлер мәлимлеме агентликлери альянсы (ATNA), Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы мәмлекетлик мәлимлеме агентликлери кеңеси (Информсовет) ҳәм Ислам бирге ислесиў шөлкеми Мәлимлеме агентликлери ассоциациясы (UNA)ның белсенди ағзасы есапланады.

Өткен жылдың үшинши шерегинде ҒМДА жәмийетлик медиа ҳәм ғалаба хабар қуралларын мониторинг етиў ҳәм талқылаў бойынша жетекши «Brand Analytics» изертлеў орайының талқылаўына бола, ӨзАның веб-сайты республикамызда ең көп силтеме жасап атырған басылымлардың күшли үшлигинен орын алған.

Хуан Мануэль Фонруж, Аргентинаның Латын Америкасы мәлимлеме агентлиги (LANA) Бас директоры:

– Бүгинги глобалласыў дәўири медиа структураларының алдына дүньяның жетекши мәлимлеме агентликлери менен бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, турақлы мәлимлеме алмасыўды жолға қойыў, дүньяда жүз берип атырған ўақыялар ҳаққында халықты қалыс, ҳақыйқый мәлимлеме менен оператив тәмийинлеў зәрүрлигин қоймақта.

Өзбекстан терең ойланған, өз-ара пайдалы ҳәм әмелий руўхтағы сыртқы сиясаты нәтийжесинде кейинги жыллары сырт еллер менен дослық қатнасықты жедел раўажландырмақта. Ҳәзирги процессте биз де ӨзА менен тығыз бирге ислесип, мәлимлеме алмасыў тараўында меморандумға қол қойғанбыз. Атап өтиўим керек, бул биз ушын Орайлық Азия регионы менен шериклик жолындағы әҳмийетли қәдем болды. ӨзАның испан тилинде шығатуғын мақалаларын бақлап бараман. Бул материаллар арқалы агентлик Өзбекстанның жаңалықларын исенимли дерек сыпатында испан тиллес дүнья жәмийетшилигине тарқатпақта.

ӨзА бетлери оқыўшыларымызды тек ғана Өзбекстан емес, ал  пүткил Орайлық Азия регионы менен байланыслы ўақыя-ҳәдийселерден хабардар етип барады.

Пурсаттан пайдаланып, өзиниң даңқлы өтмишине ийе Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң дөретиўшилик жәмәәтин бүгинги байрамы менен шын жүректен қутлықлайман.

Раза Саид, Уллы Британияның «The London Post» мәлимлеме басылымының редакторы:

– 1992-жыл 5-февраль Өзбекстан ғалаба хабар қураллары ҳәм журналистика тарийхында әҳмийетли сәне ­ – Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги – ӨзА дүзилген күн.

Әне, усы байрам мүнәсибети менен ӨзАның пидайы жәмәәтине жәмийеттиң раўажланыўына қосып атырған үлкен үлеси ушын миннетдаршылық билдиремен. ӨзА отыз жылдан аслам ўақыттан берли медиа майданында әдиллик шырағы, ҳақыйқат үстини болып келмекте.

ӨзА дөретиўшилик жәмәәтиниң машақатлы мийнети, профессионаллығы себепли, журналистика нормаларын қоллап-қуўатлаған ҳалда исенимли мәлимлеме дерегине айланғанын айтып өтиў керек. Бундай ҳәрекет шынында да мақтаўға ылайық.

Ҳақыйқатлық жолындағы пидайылық, умтылыс ушын рахмет. Журналистика тараўында жетикликке умтылыў ҳәм кәсипке болған бундай садықлықты қәдирлеймен. Агентлик жәмәәтине табыслар тилеймен.

Ирина Акулович, Беларусьтың «БелТА» телеграф агентлигиниң Бас директоры:

– Өзбекстан  Миллий мәлимлеме агентлиги жәмәәтин агентлик дүзилген күн менен шын жүректен қутлықлайман. ӨзАда айқын, умытылмас ўақыяларға толы 33 жыллық тарийх жәмлескен.

Бүгин ӨзА мәмлектте ҳәм сырт елде жүз берип атырған ҳәдийселер ҳаққында оператив, толық мағлыўмат берип баратуғын исенимли дерек есапланады. Жетискенликтиң сыры болса ҳәр қашан ўақыялардың раўажланыўын бақлап туратуғын дөретиўши профессионаллар жәмәәтинде болып табылады. Объективлик ҳәм тәжирийбе – агентлик хызметкерлери жумысының өзине тән өзгешелиги.

ӨзА узақ жыллар жәмийетке ҳақыйқатында да пайдасы тийетуғын, саламат мәлимлеме мәканында гиреўли орны бар Агентлик болып қала береди.

Жәмәәтте жумыс алып барып атырған барлық журналистлерге денсаўлық, бәлент дөретиўшилик пәрўаз ҳәм әўмет тилеп қаламан.

Тиерно Аҳмаду Си, Сенегал мәлимлеме агентлиги (APS) Бас директоры:

– Бүгинги мәлимлеме әсиринде ең қымбат дерек – қалыс ҳәм объектив хабар, десем жаңылыспайман.

Кейинги жылларда Өзбекстанда миллий, тарийхый ҳәм диний қәдриятлар тиклениўи менен бирге ҒХҚның орны, дөретиўшиниң қәдир-қымбаты да артқанын бақлаўымыз мүмкин.

Әсиресе, елиңизде дүньяда жүз берип атырған ўақыялардан хабардар болыў, шет тиллерин жақсы билетуғын, компьютер технологиялары менен қуралланған журналистлердиң жаңа әўлады қәлиплесип атырғаны және де қуўанышлы.

Мәмлекетиңизде реформалар процеси ҳаққында 9 тилде мәлимлеме тарқатып атырған ӨзА Президент Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан ҒХҚны дүньяның көзге көринген медиа минбери қатарына қосыўына қаратылған басламаларынан келип шығып, халықаралық байланысларды кеңейтиўге умтылып атырғанынан хабардармыз.

Итибарлы тәрепи, ӨзА ең соңғы жаңалықлар ҳәм жәмийетлик-сиясий мәлимлемелер тарқататуғын рәсмий агентлик сыпатында жасалма интеллект тийкарында арнаўлы робот-хабаршының жумысын жолға қойған. Бул да заманагөй мәлимлеме тарқатыў тенденциясының бир жетискенлиги.

Пурсаттан пайдаланып, жәмәәтиңизди Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги дүзилгениниң 33 жыллығы менен шын кеўилден қутлықлайман. Пидайы ҳәм мийнеткеш кәсиплеслериме журналистиканың машақатлы жолында бәлент пәрўазлар тилеймен. Қәлемиңиз бәрқулла өткир болсын

Медербек Шерметалиев, Қырғыз Республикасының «Кабар» Миллий мәлимлеме агентлигиниң директоры:

– Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги  – ӨзАның татыў жәмәәтин әҳмийетли сәне менен шын жүректен қутлықлайман!

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы қатнасықлар узақ тарийхқа ийе болып, халықларымыздың дослығы әсирлерге барып тиреледи.

Дос еки үлкениң тийкарғы мәлимлеме агентликлери болған «Кабар» ҳәм ӨзА көп жыллардан берли жедел мәлимлеме алмасып, нәтийжели бирге ислесип келмекте. Жәәмәәтлеримиз буннан кейин де еллеримиздиң абаданлығы жолындағы бирге ислесиўди беккемлеўге мүнәсип үлес қосады, деп исенемен.

Бүгинги тарийхый күн мүнәсибети менен ӨзА басшылығы ҳәм дөретиўшилик жәмәәтине шексиз илҳам-йош, жаңадан-жаңа табыслар ҳәм салмақлы жетискенликлер тилеймен!

ӨзА