Сырт елге шығып кеткен пенсионерлерге пенсия төлеў ўақтынша тоқтатып турылады

221

Социаллық тармақларда сырт елге шығып кеткен пенсионерлердиң пенсиясы тоқтатылыўы, ҳәттеки оны жақын туўысқанлары исеним хаты арқалы да ала алмайтуғыны ҳаққында мағлыўмат тарқалды.

Пенсия қорының анықлық киргизиўинше, бундай жағдайларда пенсионер Өзбекстаннын сыртқа шығып 3 айдан артық ўақыт даўамында Өзбекстанға қайтып келмегенинде пенсияны төлеў ўақтынша тоқтатып турылады.

Бул тәртип «Мәмлекетлик пенсияларды тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққында»ғы Режеге муўапық әмелге асырылады.

Онда ўақтынша тоқтатылған пенсияны төлеў пенсионер Өзбекстанға қайтып келгеннен соң қайта тикленеди.

Пуқара Өзбекстанға қайтып келгеннен соң алынбай қалған айлардағы пенсияны 24 айлығын алыў ҳуқықына ийе.

Онда пенсия пулы пенсияны алыў мақсетинде мүрәжат етилгенинен алдынғы 24 айдан аспаған дәўири ушын төленеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги