Сырт ел капиталы қатнасыўындағы кәрханалар көбеймекте

Қарақалпақстан Республикасында 2024-жылдыӊ 1-январь-декабрь жағдайына исбилерменлик субъектлери ҳаққындағы статистикалық мағлыўматларға қарағанда (дийқан ҳәм фермер хожалықларысыз) 3254 кәрхана ҳәм шөлкем тазадан ашылған.
Олардың 3102 и киши бизнес субъектлери сыпатында есапқа алынған. Мүлкшилик түри бойынша басым көпшилиги, яғный 2647 и жуўапкершилиги шекленген жәмийет, 314 ти шаӊарақлық кәрхана, 93 и жеке кәрхана, 331 и өндирислик кооперативлер болып дизимнен өткен.
– Исбилерменликти раўажландырыў мәмлекетимиз экономикасыныӊ раўажланыўында, жаӊа жумыс орынларыныӊ жаратылыўы ҳәм халықты жумыс пенен бәнт етиўде үлкен әхмийетке ийе. Соӊғы жылларда мәмлекетимиз Президенти тәрепинен исбилерменлерге қаратылып атырған итибар нәтийжесинде исбилерменлик субъектлери өз алдына қойған мақсетлерине еркин, қыйыншылықсыз ерисип келмекте. Себеби исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға жәрдем бериў бойынша ҳүкиметимиз тәрепинен бир қанша жеӊилликлер жаратылып, тийисли қарарлар қабыл етилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы статистикалық регистрлерди жүргизиў бөлиминиң баслығы Бисенбай Дарибаев.
Республикамызда өткен дәўирде 32 мың 810 кәрхана дизимге алынып, соннан 21 мың кәрхана ҳәрекеттеги кәрхана болып есапланады. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 80,9 процентти қурады.
Ҳәрекеттеги кәрханалардыӊ экономикамызда қайсы тараўларында үлес қосып атырғанын айтып өтетуғын болсақ, саўда тараўында 6339, аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығында 2343, санаат тараўында 2446, қурылыс тараўында 1449, турмыслық ҳәм аўқатланыў бойынша хызметлер тараўларында 1163, тасыў ҳәм сақлаў тараўында 791, мәлимлеме ҳәм байланыс тараўларында 414, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық хызметлер көрсетиўде 481, басқа хызмет түрлеринде 5575 кәрхана жумыс ислеп турыпты.
2025-жылдың 1-январь жағдайына ҳәрекеттеги сырт ел капиталының қатнасыўындағы кәрханалардың саны 155 ти қурайды. Олар Қытай Халық Республикасы, Россия Федерациясы, Қазақстан Республикасы, Қубла Корея Республикасы ҳәм басқа да мәмлекетлердиң қатнасыўындағы сырт ел инвестор кәрханалары болып есапланады.
2024-жыл январь-декабрь айына сырт ел капиталының қатнасыўындағы 48 кәрхана жаңадан ашылған болып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 18 кәрханаға көбейгенлигин көриўимизге болады.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги