Илимли ҳаял-қызлар –жәмийет айнасы

Мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, олардың жәмийетте өз орнын табыўы ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Ҳаял-қызлардың ерлер менен тең ҳуқықлы болып, елимизде тараўлардың раўажланыўына үлес қосып атырғанлығы ҳәр бир исте айқын көзге тасланбақта. Әсиресе, илимниң аўыр жүгин тартып киятырған ҳаял-қызлардың мийнетлери ҳәр қандай мақтаўға ылайықлы болып, олардың ерискен табыслары жасларға өрнек болса арзыйды.
Қарақалпақстан медицина институтында 11-февраль –Халықаралық илим тараўындағы ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен ушырасыў шөлкемлестирилди. Илажда институт ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси З.Еримбетова Өзбекстан Қаҳарманы О.Сайтова, медицина илимлериниң докторы (DSc) А.Ермекбаева ҳәм медицина илимлериниң кандидатлары С.Базарова ҳәм Ф.Хожамбергеновалар студентлерге илим жолындағы тәжирийбелери менен ортақласты.

Ушырасыўда О.Сайтова өзиниң мийнет жолы, илим тараўында ерискен жетискенликлери ҳәм қолға киргизген табыслары ҳаққында кең түрде айтып берди. Студент жасларға Президентимиз тәрепинен жаратылып берилип атырған имканиятлардан үнемли пайдаланып, келешекте өз кәсибине садық жетик кадрлар болып жетилисиўине шақырды.
Илаж даўамында студент қызлар өзлериниң қызықтырған сораўларына устазларынан тийисли жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги