Турақ жайлардың қурылысы бойынша электрон платформа жаратылады

Турақ жайлардың қурылысы бойынша электрон платформа жаратылады, деп хабар береди xabar.uz.
«Турақ жай қурылысы тараўын және де раўажландырыў, турақ жай ҳәм турақ жай емес объектлерди үлес киргизиў тийкарында қурыў процесин тәртипке салыў механизмлерин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманына муўапық, қурылысқа үлес қосыўшылардың қаржыларын тартыў 2025-жыл 1-июльден 2025-жыл 31-декабрьге шекем «эскроу» есап бетлери арқалы ҳәм ҳәзирде әмелде болған үлесли қатнасыў тәртибинде тиккелей тартыў механизми бойынша параллель түрде тәреплердиң таңлаўына бола әмелге асырылады.
Сондай-ақ, қаржыларды тартыў 2026-жыл 1-январьдан тек «эскроу» есап бетлери арқалы әмелге асырылады.
«Ашық-айдын қурылыс» мәлимлеме системасы шеңберинде турақ жайлардың қурылысы бойынша электрон платформа жаратылып, 2025-жыл 1-июльден толық иске қосылады.
2025-жыл 1-июльге шекем үлесли шәртнама бойынша талап етиў ҳәм гиреў хуқықларын басқа шахсқа өткериўди нәзерде тутқан ҳалда үлесли шәртнамаларды мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм салық уйымларына электрон көринисте усынып барыў системасы енгизиледи.
Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанында «Турақ жайдың бирден-бир турмыслық цикли» принципин әмелге асырыў бойынша жойбар офиси шөлкемлестириледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги