Тақыятаслы шахматшы Өзбекстан чемпионы болды

281

Ҳәзирги күнлери Жиззақ ўәлаятында шахмат бойынша жас өспиримлер арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтпекте.

Чемпионатқа елимиздиң барлық аймақларынан 400 ден аслам шахматшылар қатнасып, олар 8-10-12 жас категориясында шахматтың стандарт, рапид ҳәм блиц түрлери бойынша өз-ара беллеспекте.

Атап айтқанда, 8 жастағы қызлар арасында өткерилген беллесиўлерде Тақыятас районы спорт мектебиниң шахмат бойынша тәрбияланыўшысы Зарина Ларина барлық қарсыласларын жеңип шығып, 8-турдан соң мүддетинен алдын Өзбекстан чемпионы атағына миясар болды ҳәм жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди.

-Шәкиртим Зарина Ларинаны шахматтың стандарт түри бойынша жарысқа таярладым ҳәм онда барлық қарсыласларын жеңип шығыўға еристи,-дейди тәжирийбели тренер Абдикарим Тураев.-Мен шәкиртимниң ерискен табысынан оғада қуўанышлыман. Сондай-ақ, Зарина чемпионатта рапид ҳәм блиц түри бойынша да беллесиўлерге қатнасып, рапид бойынша 3-орынды ийелеўге миясар болды. Ҳәзирги ўақытта ол блиц түри бойынша беллесиўлерде жарысларға қатнасып атыр. Бул жарыста жеңимпаз болады, деп ойлайман.

Ҳәзирги ўақытлары беллесиўлер даўам етпекте.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы