Өзбекстан Президенти рәсмий сапар менен Малайзияда болады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Малайзия Бас министри Анвар Ибраҳимниң мирәт етиўине бола 4-5-февраль күнлери рәсмий сапар менен усы елде болады.
Сапар етиў шеңберинде Куала-Лумпур қаласында Бас министр Анвар Ибраҳим менен еки тәреплеме сөйлесиўлер, Малайзияның жетекши компанияларының басшылары менен ушырасыўлар, биргеликтеги бизнес форум ҳәм басқа да илажлар нәзерде тутылған.
Болажақ жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң күн тәртибинен Өзбекстан-Малайзия дослық қатнасықларын буннан былай да раўажланыдырыў ҳәм әмелий бирге ислесиўди, соның ишинде, саўда, инвестициялар, инновациялар, технологиялық кооперация, нефть-химия, электроника, «жасыл» энергетика, «ақыллы» аўыл хожалығы, туризм ҳәм басқа да көплеген әҳмийетли бағдарларды кеңейтиў мәселелери орын алған. Мәдений-гуманитарлық алмасыўларды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылады.
Жетекшилер халықаралық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларын да көрип шығады.
Саммит жуўмағында еки мәмлекет арасындағы кең көлемли шерикликти буннан былай да раўажландырыўға қаратылған Бирликтеги билдириў ҳәм салмақлы келисимлер топламы қабыл етилиўи режелестирилген.
Сапар алдынан Малайзияда бир қатар әҳмийетли илажлар өткерилип атырғанын атап өтиў керек.
Атап айтқанда, жетекши таллаў орайлары ҳәм изертлеў структураларының ушырасыўы болып өтти. Жақын күнлерде Өзбекстанның туризм потенциалы ҳәм мәдений мийрасы презентациялары, еки мәмлекеттиң жетекши жоқары билимлендириў мәкемелерниң ректорларының форумы ҳәм басқа да илажлар өткериледи.
ӨзА