Студентлер әмелият дəўирин нәтийжели өткермекте

258

Ҳәзирги ўақытта студентлер имтиханларын тапсырып, сессияны жуўмақлады. Бул әҳмийетли басқыш болып, енди олар дем алып, күшин толықтырыў және таярлық көриў мүмкиншилигине ийе.

Усы мүнәсибет пенен 2025-жыл 30-январь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шет тиллер факультети деканының мәсләҳәтшилери М.Аметова ҳəм И.Хошмуратовалар студентлердиң жатақханалары ҳәм квартираларындағы шараятлар менен танысты. Олардың бос ўақытларында не менен шуғылланып атырғаны менен қызықты.

– Ҳәзирги ўақытта 2-, 3- ҳəм 4-курс студентлери әмелиятты баслап, көп ўақытын мектеплерде, китапханаларда өткермекте. Олардың әмелият дəўири – бул билим алыўдың әҳмийетли басқышы болып, онда студент теориялық сабақларда алған билимлерин, әмелиятта терең меңгерип алыўына қосымша мүмкиншилик береди,-дейди  Шет тиллер факультети деканының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси И.Хошмуратова.

Мәсләҳәтшилердиң айтыўынша, бул дəўир – студентлер ушын дем алып, бос ўақытларынан утымлы пайдаланып, оқыўдың жаңа басқышына таярлық көриў ушын әжайып мүмкиншилик. Ең әҳмийетлиси – дем алыў менен әмелият арасында тең салмақты табыў.

Үйрениў жумыслары даўам етпекте.

Мадина Жумабаева,

ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика

факультетиниң 2-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги