«E-KON» жойбары халықаралық таңлаўда «Жылдың ең жақсы жойбары» деп табылды
![]()
«Өзбекнефтьгаз» АЖ тәрепинен әмелге асырылған «E-KON» жойбары «Global CIO» халықаралық профессионал IT жәмийетшилиги тәрепинен жанылғы-энергетика тараўындағы «Жылдың ең жақсы жойбары» деп жәрияланды.
Бул сыйлық Өзбекстанның санлы трансформация тараўында ерискен жетискенликлеринен бири сыпатында атап өтилип, мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайын және де беккемледи.

«E-KON» жойбары «Санлы Өзбекстан-2030» стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған әҳмийетли реформалардан бири есапланады. Бул баслама «Өзбекнефтьгаз» АЖ қарамағындағы кәнлерди санластырыў арқалы нәтийжелиликти арттырыўға қаратылған.
Жойбар шеңберинде 80 нен аслам газди таярлаў қурылмасы қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Бул болса кәнлерде қазып алынып атырған газди реал ўақыт режиминде онлайн қадағалаў ҳәм зәрүр болғанда айрықша илажлар көриў имканиятын жаратты.
«Global CIO» халықаралық таңлаўы дүньяның ең алдынғы IT жойбарларын анықлаў ҳәм оларды кең жәмийетшиликке таныстырыў мақсетинде ҳәр жылы өткериледи. 2024-жылы таңлаўға 30 дан аслам мәмлекеттен 129 жойбар усыныс етилген. Жеңимпазлар арасында Өзбекстан, Қытай, Бразилия, Ҳиндстан, Пакистан, Қазақстан, Қырғызстан, Беларусь, Малайзия, Түркия ҳәм АҚШ компаниялары да бар.

Сондай-ақ, «Өзбекнефтьгаз» АЖ мәлимлеме-коммуникация технологиялары департаментиниң баслығы Инъом Норқулов «Global CIO» халықаралық профессионал IT жәмийетшилиги тәрепинен дүньяның ең белсенди IT-лидерлери қатарына киргизилди.
Н.Зиёдуллаева тайёрлади,
ЎзА