«Паркент тәжирийбеси» кең ен жайдырылмақта

205

Халық хожалығының барлық тараўларында болғаны сыяқлы, газ тәмийнаты тараўында да заманагөй санлы технологиялар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Атап айтқанда, елимиз аймақларында «Автоматластырылған мәҳәллелерде тутыныў қадағалаў балансы» жойбары турмысқа енгизилип, буннан былай республикамыздың қала ҳәм районларындағы мәҳәллелерде усы «Автоматластырылған мәҳәлле тутыныў қадағалаў балансы» жойбары тийкарында жумыслар алып барыў белгилеп алынған.

Ҳәзирги ўақытта Ташкент ўәлаятының Паркент районы Ғулом мәкан пуқаралар жыйыны,  соң Хорезм ўәлаятының Шават районындағы бир қатар мәҳәллелерде жолға қойылып, усы тәжирийбе нәзерде тутылған нәтийжелерге ерисилген еди.

«Паркент тәжирийбеси» тийкарында әмелге асырылған жумыслар менен жақыннан танысыў ҳәм тәжирийбе алмасыў мақсетинде, «Худудгаз Қаракалпақстан» газ тәмийнаты филиалының тийисли жуўапкер қәнигелери, қалалық ҳәм районлық газ тәмийнаты бөлимлериниң бас инженерлери ҳәм эксплаутация усталарынан дүзилген топар Хорезм ўәлаятының Шават районына барып, ол жерде шөлкемлестирилген тәжирийбе алмасыў, әмелий оқыў-семинарына қатнасты.

Семинарда «Худудгазтаъминот» акционерлик жәмийети қәнигелери тәрепинен аймақ белсендилери, мәҳәлле жетилиги, район ҳәкимлиги, прокуратура, ишки ислер, газ тәмийнаты қәнигелерине жойбардың мақсети ҳәм оның жуўмағында күтилип атырған нәтийжелери айрықша атап өтилди. Сондай-ақ, тутыныўшыларға жеткерилип берилип атырған тәбийгый газ тәмийнатын бир жерден электрон тәртипте және автоматластырылған басқарыў системасында алып барыў түсиндирилди.

-Бул автоматластырылған мәҳәлле тутыныў қадағалаўы балансы системасының иске түсирилиўиниң тийкарғы мақсети, жыллық газ шығынларының алдын алыў қалаберди тутыныўшыларға жеткерип берилетугын тәбийғый газ тәмийнатын және де жақсылаўдан ибарат,-дейди «Худудгаз Қаракалпақстан» газ тәмийнаты филиалының бөлим баслығы Руслан Ғаррыбаев. –Семинарда қәнигелеримиз өзлери ушын керекли ис-тәжирийбесин үйренип, пайдалы мағлыўматларға ийе болды.

Илаж даўамында қарақалпақстанлы қәнигелер семинар шөлкемлестириўшилерине сораўлар берип, оларға жуўаплар алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы