Сенат кеңеси: «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасының орынланыўы избе-из тәмийинлениўи керек

Мәмлекетимиз аймақлары арасындағы экономикалық теңсизликти азайтыў, район ҳәм қалаларды олардың шараяты, потенциалы ҳәм имканиятларынан келип шығып раўажландырыў арқалы кәмбағаллықты және де қысқартыў бойынша енгизилген жаңаша қатнаслар өз нәтийжесин бермекте.
Атап айтқанда, 2023-жылдан баслап 5-категорияға тийисли Қўшработ районындағы исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаўдың айрықша тәртиби енгизилиўи есабынан оларға 2023-2024-жыллары 12,7 миллиард сумлық салық жеңилликлери берилген. Нәтийжеде өткен жылдың өзинде дерлик 700 исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилип, олардың саны 2,1 мыңға жеткен ҳәм 1 мыңға шамалас жаңа жумыс орынлары жаратылған.

Бул Сенат кеңесиниң мәжилисинде атап өтилди. Мәжилисте өткерилген Самарқанд ўәлаяты сектор басшылары тәрепинен кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў бойынша Қушработ районы тәжирийбесиниң презентациясы даўамында инвестиция бағдарламасы шеңберинде 35,4 миллион долларлық тиккелей 41 жойбар иске қосылғаны атап өтилди. 23,6 миллион долларлық тиккелей сырт ел инвестициялары өзлестирилген. Экспорт көлеми 3,5 миллион долларға жеткен. Санаат – 109,5 процентке, қурылыс – 114,5 процентке, хызметлер –112,4 процентке, аўыл хожалығы – 105,9 процентке өскен.

Мәҳәллелерде кәмбағаллықты қысқартыў, исбилерменлик жойбарларына 54,2 миллиард сумлық жеңиллетилген кредит ҳәм 1,5 миллиард сумлық субсидия қаржылары ажыратылған.
Сайхунабад, Уйши, Зарбдор ҳәм Ғыждуван тәжирийбелерин енгизиў басланған. Экономикалық комплекстиң мәҳәллеге түсирилгени есабынан 10 мәҳәлле санаат ҳәм аўыл хожалығына қәнигелестирилген, 1,2 мың халық рәсмий жумыс пенен бәнт етилген.
«Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы шеңберинде болса жылдың жуўмағы менен 2,3 мың шаңарақ (10,7 мың халық) кәмбағаллықтан шығарылып, кәмбағаллық дәрежесин 16,2 проценттен 7,9 процентке азайтыўға ерисилген.
Додалаў процесинде сенаторлар аймақта әмелге асырылған унамлы жумыслар менен бирге районды социаллық-экономикалық раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың турмыс абаданлығын арттырыў бағдарында өз шешимин күтип турған айырым мәселелер ҳәм иске қосылмаған имканиятларға да тоқталып өтти.
Соның ишинде, мәҳәллелерде 2021-2022-жыллары дүзилген киши санаат зоналары зәрүр инфраструктура менен тәмийинленбегени себепли ҳәзирги күнге шекем 3 киши санаат зонасынан 2 еўинде ҳеш бир жойбар әмелге асырылмағаны атап өтилди.
Район аймағында бос турған 4 объект дәслепки баҳасы төменлетилип, бир неше мәрте аукционға шығарылғанына қарамастан сатылмаған. Районның, 5-категорияға тийислилигинен келип шығып, объект баҳасын 5 жыл мүддетке шекем бөлип-бөлип төлеў имканияты берилген еди.
«Мәҳәлле жетилиги» қарары менен қырққа шамалас социаллық жәрдем ҳәм субсидия қаржыларын алыў имканияты жаратылған болса да, өткен дәўир даўамында тек ғана 3-4 түринен пайдаланылған. 6 мәҳәлледе кәмбағал шаңарақ ағзаларына субсидия қаржыларын ажыратыў илажлары улыўма көрилмеген.
Усы жылдың 1-январына келип, физикалық тәреплердиң мүлк ҳәм жер салығынан қарыздарлығы өткен жылға қарағанда дерлик 7,4 процентке артқан.
Мәжилисте сенаторлар тәрепинен «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар режесиндеги белгиленген илажлардың орынланыўын өз ўақтында ҳәм сапалы тәмийинлеў бойынша бир қатар пикир-усыныслар билдирилди.
Халық депутатлары Самарқанд ўәлаятлық кеңеси ҳәм Қўшработ районлық кеңеси жанындағы кәмбағаллықты қысқартыў менен байланыслы мәселелер бойынша комиссиялар тәрепинен кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында белгиленген ўазыйпалар орынланыўын мониторинг етиў, бул мәселени кеңес сессияларында додалаўды шөлкемлестириў ҳәм орынланыўы артта қалып атырған мәселелер бойынша қосымша илажлар белгилеў бойынша усыныслар берилди.
Н.Абдураимова,
ӨзА