Фермерлер ферғаналы дийқанлар тәжирийбесин үйренбекте

231

Кегейли районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-декабрьдеги «Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде семинар болып өтти.

Семинарға Кегейли, Шымбай, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларының аўыл хожалығы тараўы ўәкиллери ҳәм фермерлер қатнасты.

Илажда Ферғана ўәлаятынан келген тәжирийбели дийқанлар атыз шетинен нәтийжели пайдаланыў, атап айтқанда, терек нәллерин егиў, оларға форма бериў ҳәм тәрбиялаў бойынша жыйналғанларға өз мәсләҳәтлери ҳәм усынысларын берди.


Соң ферғаналы дийқанлар республикамыздағы фермер хожалығы басшылары ҳәм басқа да исбилерменлик субектлери менен мийўели терек нәллерин жеткерип бериў бойынша өз-ара келисим шәртнамаларын дүзди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы