Өзбекстан, Қырғызстан, Қазақстан ҳәм Жәҳән банки Қамбарата ГЭС-1 қурылысы жойбарын додалады

Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Қазақстан энергетика министрлери ҳәм Жәҳән банки ўәкиллери Қамбарата ГЭС-1 қурылысы басламасын әмелге асырыў процесин додалаў ушын Ташкентте жыйналды.
– Бул жойбар Орайлық Азияның барлық мәмлекетлерине теңсиз пайда келтиреди, «жасыл» экономика идеясын әмелге асырыў, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў арқалы регионаллық энергия қәўипсизлигин беккемлейди,-деди мәмлекетимиздиң энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов.

Қырғызстан энергетика министри Таалайбек қурылажақ комплекс халықаралық қаржы институтлары ҳәм раўажланыў бойынша бирге ислесиўшилерде үлкен қызығыўшылық оятқанын атап өтип, былай деди:
– Регионаллық шерикликти беккемлеў, пүткил Орайлық Азияның узақ мүддетли раўажланыўына жәрдемлесиўдеги үлкен имканиятын есапқа алып, Қамбарата 1-гидро электр станциясын «Әсир жойбары» деп айтыў мүмкин. Ташкент ушырасыўы 2024-жылы Вена, Брюссель ҳәм Вашингтонда болып өткен сөйлесиўлер дүркинин даўам еттирмекте. Бул сөйлесиўлер улыўмалық жумысымызды муўапықластырыў, жойбарды тезлестириў, зәрүр халықаралық жәрдем тартыўға жәрдем береди.

Қазақстан Республикасы энергетика министриниң орынбасары Сунгат Есимханов суў-энергетика тараўындағы бирге ислесиў беккемленип атырғанына итибар қаратып, ҳәзирги татыў жасап атырған регионда узақ мүддетли турақлылықты тәмийинлеўи, мәмлекетлеримиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўын қоллап-қуўатлаўы ушын тийкар екенин атап өтти.
– Биз үш мәмлекет ҳүкиметлерин турақлы энергетика келешегин тәмийинлеў, экономикалық өсиўди жеделлестириў, пуқаралардың турмыс сапасын жақсылаў бағдарындағы ҳәрекетти қоллап-қуўатлаўдан қуўанышлымыз,-деди өз гезегинде Жәҳән банкиниң Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Татьяна Проскурякова. – Ҳәзир басқа халықаралық бирге ислесиўшилер менен бирге Қамбарата ГЭС-1 басламасын турмысқа қолланыў ушын зәрүр қаржыны табыў жолында ислеп атырмыз.

Ушырасыўда тәреплер жойбарды биргеликте ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўға байланыслы әҳмийетли принциплер бойынша келисимге еристи. Тийкарғы басқышлар белгиленип, режелер тастыйықланды. Сондай-ақ, әмелий ҳәрекетлерди муўапықластырыў, бирге ислесиў ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў ушын министрлер дәрежесинде, халықаралық донорлар қатнасыўында турақлы сөйлесиўлер өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА