Трамп Россия – Украина машқаласын қашан шешеди?

315

АҚШ Президенти Дональд Трамп Россия – Украина мәселесин усы жыл бәҳәрге шекем шешиў нийетинде, деп жазды Британияның «Independent» газетасы.

Хабарда айтылыўынша, Ақ үй басшысы режесин әмелге асырыў ушын Киев ҳәм Москва менен өз алдына жумыс алып барып атырған болыўы мүмкин. Бурынырақ басқа дереклер Трамп Москва ҳәм Киев машқаласын 100 күн ишинде шешиў бойынша көрсетпе бергени ҳаққында жазған еди.

Хабарда «Россия Украина менен келиспеўшилик мәселесинде Американың жаңа ҳүкимети менен сөйлесиў ушын ашық, буннан мақсет қысқа мүддетли келисим емес, ал узақ мүддетли тынышлық болыўы керек», деген Владимир Путинниң көзқарасы келтириледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги