Президент басшылығында видеоселектор мәжилиси басланды

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында ипотека бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2025-жыл ушын режелерди додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси басланды.
Өткен жылдың өзинде 100 мыңнан аслам квартираға ийе 2 мың 44 көп қабатлы турақ жай қурылды. Жан басына турақ жай көлеми 19 квадрат метрден асты (2020-жылы 16 квадрат метр болған).
Улыўма, 2024-жылы елимизде 21,4 миллион квадрат метр турақ жай ҳәм 19,1 миллион квадрат метр турақ жай емес объектлер, жәми 40,5 миллион квадрат метр имарат-объект қурылды.
Өткен жылы қурылған 100 мың квартира есабынан жумысты бөлип алып ислеўшилер, басқарыў ҳәм сервис, қурылыс материаллары, транспорт сыяқлы тараўларда 350 мың адам жумыслы болды. Мебель, электротехника, тоқымашылық, қурылыс материаллары тараўларында қосымша 11 триллион сумлық базар пайда болды.
Қурылысты қоллап-қуўатлаў ушын 2024-жылы 17 триллион сум ипотека кредити ажыратылды, қурылысшы ҳәм девелоперлерге айланыс ушын жәми 3 триллион сум қаржы берилди.
Соның ушын мәмлекетимиз басшысы ҳәкимлер турақ жай қурылысына тек ғана социаллық ямаса қурылыс мәселеси деп емес, ал аймағының экономикалық раўажланыўында тийкарғы «драйвер» сыпатында қараўы керек екенлигин атап өтти.
ӨзА