«In-Vitro» лабораторияларының шөлкемлестирилиўи қандай нәтийже береди?

«In-Vitro» лабораториясында интенсив усылда нәл жетистириўдиң абзаллық тәреплери көп. Бул усылда жетистирилген өсимликлер бәринен бурын жер майданларын 3-4 есеге оптималластырады. Әпиўайы усылда нәл жетистириў процеси 3-4 жылды өз ишине алса, лаборатория шараятында бул мүддет 2 есеге қысқарады. Буннан тысқары тез өсиў, кеселликке ҳәм зыянкеслерге шыдамлылық ҳәм ашық орталыққа бейимлесиў сыяқлы қолайлылықларға ийе.
Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Сурхандәрья, Жиззақ, Ферғана ҳәм Ташкент ўәлаятларында мәмлекетлик «In-Vitro» лабораторияларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, жеке «In-Vitro» лабораторияларын шөлкемлестиретуғын исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў режелестирилмекте.
Бул усыныс кең жәмийетшилик ўәкиллери, экобелсендилер, социаллық тармақ белсендилериниң пикир-усыныслары тийкарында таярланған ҳәм «Өзбекстан-2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманының жойбарында додалаўға қойылған.
Буның әмелиятқа енгизилиўи қандай нәтийже береди?
Жойбарға бола, Орайлық Азия қоршаған орталықты ҳәм климатты үйрениў университети (Green University) жанындағы Тоғай хожалығы илимий-изертлеў институтында заманагөй «In-Vitro» лабораториялары шөлкемлестириледи.
Халықаралық тәжирийбеде «In-Vitro» лабораторияларынан пайдаланыў арқалы нәл жеткериў усылы кеңнен ен жайған усыл есапланады. Өсимликлердиң киши бөлеклери (тоқыма ҳәм клеткалары)нен лабораторияларда микрокөбейтиў бир қанша абзаллықларға ийе. Атап айтқанда, өсимликлерди тез көбейтиў имканияты бар, кишкене жерден аз ўақыт ишинде көп нәл алынады, жыл даўамында мәўсимге қарамастан нәл жетистириледи. Нәл жетистириў процеси қәўипсиз ҳәм үнемли болып, саламат ҳәм арзан нәл жетистириледи. Сондай-ақ, өсимликтиң биологиялық өзгешеликлери толық сақлап қалынады, сийрек ҳәм жоғалып кетиў қәўипи бар өсимликлер бул усыл менен көбейтилип, сақлап қалынады.
Республикада ҳәр қыйлы нәллерди тез ҳәм көп муғдарда жетистириў имканияты ҳәм нәл жетистириўдиң заманагөй система жаратылады. Бул усылда жетистирилген өсимликлер, бәринен бурын жерлерди 3-4 есеге оптималластырады.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзА