Көрсетилмеген хызметлер ушын қайта есап-санақ әмелге асырыла ма?

184

Қыс мәўсиминде ҳәр бир инсан ушын ыссылық тәмийнаты суў ҳәм ҳаўадай зәрүр екенин жақсы билемиз. Өзиниң жеке ҳәўлисинде жасаўшы халық, жасайтуғын бөлмелерин өзи ысытып алыўы мүмкин. Бирақ көп қабатлы турақ жайларда жасаўшы адамлар буған кирмейди.

Сол себепли айырым жағдайларда оларға көрсетилип атырған ыссылық тәмийнатында машқалалар ушырасыўы тәбийғый. Айырым жағдайларда хызметлер ушын да ҳақы төлеў жағдайлары ушырасады. Бул жағдай ыссылық тәмийнатында үзилислер болса көрсетилмеген хызмет ушын қайта есап-санақ әмелге асырыла ма ямаса жоқ па деген сораў пайда болыўына алып келеди.

Бул сораўға Бәсеки комитетиниң Бас қәнигеси Самандар Нормуродов жуўап берди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 15-июльдеги «Коммуналлық хызметлер көрсетиў қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары бар. Бул қарар менен тастыйықланған Көп қабатлы турақ жайларда ыссылық тәмийнаты хызметлерин көрсетиў қағыйдаларына тийкарланып, тутыныўшы нызам ҳүжжетлеринде, ыссылық тәмийнаты шәртнамасында ямаса ыссылық тәмийнаты хызметлерин көрсетиў ҳаққындағы шәртнамада нәзерде тутылған жағдайларда ыссылық тәмийнаты хызметлери көрсетилмегенде ямаса хызметлер зәрүр сапа ҳәм тәртипте көрсетилмегенде жәриймалар, пенялар төлеўди, қайта есап-санақ әмелге асырылыўын талап етиў ҳуқықына ийе.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы Нызамның 21-статьясы, 2-абзацында сатыўшы (атқарыўшы) тутыныўшыны ҳақы есабынан қосымша товарлар сатып алыўға ямаса қосымша хызметлерден пайдаланыўға мәжбүрлеўге, сондай-ақ, көрсетилмеген хызметлер ушын ҳақы алыўға ҳақылы емес екенлиги белгиленген.

Н.Раҳмонова, ӨзА