Депутатлар ушын оқыў-семинарлары өткерилмекте

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен Халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеслери депутатларына оқыў семинарларын өткериў белгиленген болып, орынларда илажлар даўам етпекте. Усы бағдардағы оқыў-семинары Қанлыкөл районында да болып өтти. Онда халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары, секретариат баслығы, сиясий партия баслықлары қатнасты.
Илажды Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңеси баслығы Б.Султанов басқарып барды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 13-январь күнги арнаўлы хатына тийкарланып өткерилген оқыў семинарда депутатлар тәрепинен 5 жыл даўамында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгиленген.
Бул бойынша Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеси баслығы орынбасары З.Тажихожаева, Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеси баслығы орынбасары Ш.Төрешова, ӨзХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеси баслығы орынбасары М.Есенгелдиев, Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеси баслығы А.Бегимовалар бүгинги күнде депутатлар алдында турған ўазыйпалар ҳаққында кеӊ түрде түсиниклер берди.

Семинар даўамында баянатшылар тәрепинен депутат хызметиниң нызамлы тийкарлары, сайлаўшылар, мүрәжатлер менен ислесиўде олардың атқаратуғын хызмети ҳәм жуўапкершилигин арттырыў, сондай-ақ, әдеп-икрамлылық қағыйдалары ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.
Илажда депутатлардың сайланған округи аймағындағы машқалалар, мәмлекетлик бағдарламаның тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен орынланыўы үстинен бақлаў, мәҳәлле белсендилери менен ислесиўди күшейтиў бойынша ўазыйпалары белгиленип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги