Бақша төлеми бойынша кимлерге жеңилликлер бар?

Өзбекстанда 3 миллионға шамалас 3-7 жасар бала бар. Оларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 74 процентти қурайды. Мәмлекетте бул көрсеткишти 2026-жылға шекем 80 процентке, 2030-жылға барып, 100 процентке жеткериў режелестирилген.
Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде балаларды раўажландырыў ҳәм оларды мектепке таярлаў процесинде физикалық жақтан жетилистириў, олардың сөйлеў мәдениятын ҳәм ойлаўын кеңейтиў соның менен бирге руўхый жақтан раўажландырыў сыяқлы үш басқышта әмелге асырылады.
Бизге белгили, белгиленген тәртипке бола, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине баратуғын балалар ушын олардың ата-аналары тәрепинен төлем әмелге асырылады.
Хош, бир шаңарақтан еки ҳәм оннан артық перзент бақшаға барса, бақша төлемлери ушын жеңиллик бериле ме!
Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 29-апрельдеги «Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балалар тәмийнаты ушын ата-аналар төлеми муғдарларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарында 2025-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балалар тәмийнаты ушын ата-аналар төлеминиң жаңа муғдарлары белгиленген. Мәмлекетлик мектепке шекемги шөлкемге бир шаңарақтан баратуғын бир бала ушын өз алдына, еки ҳәм оннан артық балалар ушын өз алдына ата-аналар төлеми белгиленген.
Бул тәртипти Ташкент қаласы мысалында алатуғын болсақ, белгили бир шаңарақтан мәмлекетлик мектепке шекемги шөлкемниң 9 саатлық топарына баратуғын бир бала ушын 272 мың сум, сол шаңарақтан тап усы мәмлекетлик мектепке шекемги шөлкемниң 9 саатлық топарына баратуғын еки ҳәм оннан артық балалардың ҳәр бири ушын 194 мың сум төленеди.
М.Тошқораева, ӨзА