Өзбекстан ҳәм Малайзия арасында экономикалық бирге ислесиў беккемленбекте

Усы күнлери Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги делегациясы Малайзия мәмлекетинде болмақта.
Сапар шеңберинде өзбек делегациясы Куала-Лумпур қаласындағы «SME Corporation Malaysia» агентлигиниң жумысы менен жақыннан танысты.
Буннан соң экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары – Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институты директоры Умид Обидхўжаев ҳәм «SME Corporation Malaysia» агентлигиниң бас директоры Ризал Дато Наини арасында ушырасыў өткерилди. Онда Өзбекстан ҳәм Малайзия арасындағы экономикалық бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары додаланды.
Атап өтилгениндей, «SME Corporation Malaysia» (SME Cоrp. Malayziya) Малайзия Исбилерменлик ҳәм кооперативлерди раўажландырыў министрлиги жанында тийкарғы муўапықластырыўшы уйым сыпатында жумыс алып барады. Оның тийкарғы ўазыйпасы Малайзияда саны 1,1 миллионға тең болған киши ҳәм орташа кәрханаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў миллий бағдарламаларын әмелге асырыўдан ибарат.
«SME Corporation Malaysia» агентлиги бул бағдарламаларды муўапықластырыў, мониторинг ҳәм нәтийжелилигин баҳалаўды да әмелге асырады.
Агентлик мәмлекет ишинде де, халықаралық майданда да киши ҳәм орташа кәрханаларды раўажландырыўға умтылып, халықаралық бирге ислесиўде белсене қатнаспақта. Ол өз жумысы шеңберинде тренинглер ҳәм техникалық бирге ислесиўди шөлкемлестириў бойынша ҳәр қыйлы бағдарламалар басламасы менен шығады.
Илимий мәкеме баспасөз хызметине бола, ушырасыўда «SME Corporation Malaysia» агентлиги тәрепинен автоматластырыў ҳәм санластырыў нәтийжесинде өнимдарлықты арттырыў арқалы жумысшы күши жетиспеўшилиги машқаласын шешиўге қаратылған қаржыландырыў бағдарламалары, сондай-ақ, Техникалық ҳәм кәсип-өнер билимлендириўи ҳәм тренинглер (TVET) системалары арқалы кәсиплик таярлаў бағдарламалары усыныс етилди.
Сондай-ақ, онда киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў, соның ишинде, тийисли министрлик ҳәм уйымлар тәрепинен тараўға байланыслы бағдарламаларды әмелге асырыўда тәжирийбе алмасыў мәселелери додаланды.
Сөйлесиў ўақтында Gig-экономикасы сыяқлы киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў ҳәм санлы трансформацияның заманагөй талапларына бейимлесиў ушын ийкемлесиўшең бизнес моделлердиң әҳмийети айрықша атап өтилди.
Ушырасыўда ESG Quick Guide, SME Competitiveness Rating for Enhancement (SCORE) рейтинг системасы сыяқлы қуралларды Өзбекстан контекстинде қолланыў, сондай-ақ, жергиликли ҳәм халықаралық базар талапларын қанаатландырыў ушын биргеликтеги тренинглерди шөлкемлестириўге келисилди.
Сөйлесиўлер соңында келешектеги бирге ислесиў бағдарлары, соның ишинде, тәжирийбе алмасыў ушын биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын ҳәм вебинарларды шөлкемлестириў белгилеп алынды.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА