ӨзТМК Саудия Арабстанында болып өткен «Future Minerals Forum 2025»да қатнасты

Саудия Арабстанында болып өткен «Future Minerals Forum 2025» дүнья таў-кән санааты ҳәм металлургия тараўында әҳмийетли ўақыялардан бири болды. Форум даўамында 100ден аслам мәмлекетлерден келген қәнигелер, санаат жетекшилери ҳәм сиясатшылардың қатнасыўында минерал ресурслар ҳәм металл санаатын раўажландырыўға бағышланған кең тармақлы ушырасыўлар шөлкемлестирилди, деп хабар береди xs.uz.
Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты (ӨзТМК) делегациясы форумда белсене қатнасып, InfraVia, Toronto Stock Exchange, Trafigura, Beacon, Ximei Resources, Traxys ҳәм усы сыяқлы халықаралық көлемдеги 50 ге шамалас ири компаниялар менен сөйлесиўлер алып барып, перспективалы бирге ислесиў қатнасықларын жолға қойды.
Қалаберди, конференция даўамында ӨзТМК ўәкиллери таў-кән санааты ушын жасалма интеллектте қәнигелескен «Intellisense.io» жетекши компаниясы менен меморандумға қол қойыўға еристи. Бул жасалма интеллектти технологиялық металлар тараўы ҳәм өндирис процесслерине енгизиў бойынша мәмлекетимизде әҳмийетли өзгерислерди баслап бериўдеги тийкарғы қәдемлерден бири болып есапланады. Бул келисим минерал ресурсларды излеў ҳәм қазып алыў процесслерин және де анығырақ ҳәм нәтийжели етиў, өндирис процесслерин автоматластырыў, қоршаған орталықты қорғаў ушын нәтийжели мониторинг системаларын енгизиўге жәрдем береди.
«Өзбестан биз ушын айрықша қызығыўшылық оятатуғын стратегиялық аймақ. Бул мәмлекеттиң избе-из раўажланыўы, таў-кән санаатындағы үлкен потенциалы тән алыныўға ылайық. Өзбекстан Технологиялық Металлар Комбинаты менен қол қойылған шериклик шәртнамасы да бизиң бул тараўда бирге ислесиўге болған исенимимизди және бир мәрте тастыйықлайды ҳәм бул қәдемди биргеликтеги табыслардың басланыўы сыпатында баҳалаймыз», – дейди «Intellisense.io» компнаиясының тийкарын салыўшысы ҳәм бас директоры Сем Боз.
Сондай-ақ, комбинат ўәкиллери Орайлық Азия жетекшилери ушын «EIT RawMaterials» аймақлараралық орайы тәрепинен шөлкемлестирилген дөгерек сәўбетинде де қатнасты. Онда таў-кән санааты, қайта тикленетуғын энергия дереклери, инфраструктураны интеграциялаў ҳәм усы сыяқлы бир қатар мәселелер көрип шығылды.
2024-жылда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен шөлкемлестирилген Өзбекстан технологиялық металлар тараўын раўажландырыў жолында халықаралық дәрежедеги ири компаниялар менен табыслы бирге ислесиўди кеңейтиўди даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги