Пахта шийки затының басланғыш баҳасы Нью-Йорк биржасындағы фьючерс котировкаларынан келип шығып белгиленеди

238

«Пахта шийки затын жетистириў ҳәм сатыўда базар механизмлерин қолланыўды избеиз даўам еттириў илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға бола, 2025-жыл пахта өниминен:

– Өзбекстан республикалық шийки зат биржасы календарь жылының 1-ноябрь күнинде (2025-жылдың өними ушын 1-февральда) пахта талшығының Нью-Йорк биржасындағы фьючерс котировкаларының ақырғы 6 айдағы орташа котировкасынан келип шыққан ҳалда келеси жылдың өними ушын пахта шийки затының басланғыш баҳасын (биринши сорт, екинши класс) анықлап, Биржаның рәсмий веб-сайтында жәриялайды;

мүлкшилик түрине қарамастан барлық пахта шийки затын жетистириўши хожалықлар ҳәм кластерлер сондай-ақ, пахта шийки затын қайта ислеў ҳәм ийирилген жип ислеп шығарыў шынжырына ийе тоқымашылық кәрханалары арасында пахта шийки затын жеткерип бериў бойынша алды-сатты (фьючерс, форвард ҳәм спот) шәртнамалары Биржаның пахта шийки заты секциясында ҳәр бир аймақ бойынша айрықша өткерилетуғын саўдаларда дүзиледи;

– хожалықлар ҳәм қайта ислеўшилер арасында дүзилетуғын шәртнамалар тәреплердиң еркин таңлаўы тийкарында өткерилетуғын биржа саўдалары арқалы хожалықлар тәрепинен жеткерип бериў мүддетлерин ҳәм бир ямаса бир неше қарыйдарды еркин түрде таңлаў арқалы рәсмийлестириледи;

– Биржада барлық шәртнамалар «Агроплатформа» мәлимлеме системасы менен интеграцияланған мағлыўматлар базасында бар хожалықлар ҳәм қайта ислеўшилер арасында дүзиледи.

Пәрманға муўапық, 2025-жыл пахта өниминен:

– фьючерс шәртнамалары календарь жылдың 1-ноябринен кейинги жылдың 1-июнине шекем хожалықлар ҳәм қайта ислеўшилер арасында биржада еркин қәлиплесетуғын, бирақ жәрияланған басланғыш баҳадан төмен болмаған баҳада дүзиледи;

– форвард шәртнамалары календарь жылдың 1-ноябринен кейинги жылдың 1-мартына шекем хожалықлар ҳәм қайта ислеўшилер арасында өз-ара келисилген баҳаларда дүзиледи;

– спот шәртнамалары реал ўақыт режиминде қоймаханада сақланып атырған пахта шийки заты көлемине хожалықлар ҳәм қайта ислеўшилер арасында өз-ара келисилген баҳада дүзиледи;

– сақлаў қоймаханалары ямаса ижара шәртнамалары жоқ хожалықлар өзи жетистиретуғын пахта шийки заты бойынша ҳәр өним жылының 1-мартына шекем форвард ямаса 1-июнине шекем фьючерс шәртнамаларын рәсмийлестиреди;

Сондай-ақ, 2025-жыл өниминен пахта шийки затын өз қаржылары ҳәм коммерциялық кредитлер есабынан жетистирип, Биржада сатқан хожалықларға қәлиплескен есап бет фактура баҳасының 10 проценти муғдарында субсидия ажыратылады.

Буннан тысқары, пахта шийки затын жетистириў ушын алынған жеңиллетилген кредитлерди өним жылының жуўмағына (тийисли жылдың 31-декабрине) шекем қайтарған хожалықларға бул кредитлер бойынша төленген процент төлемлериниң 4 процентлик пунктин субсидия сыпатында қайтарып бериў тәртиби енгизиледи.

ӨзА