Малайзия илимий орайлары Өзбекстан менен бирге ислесиўден миннетдар

181

Усы күнлерде мәмлекетимиздиң бир топар исламтаныўшы илимпазлары Малайзия мәмлекетинде илимий-ағартыўшылық сапар менен болып турыпты.

Өзбекстан делегациясының Малайзияға сапары шеңберинде Малайзия исламды аңлаў институтында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Онда Имам Мотуридий, Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайлары ўәкиллери, Малайзия Исламды аңлаў институты директоры Муҳаммад Аъзам бин Муҳаммад Одил ҳәм Институт жуўапкерлери қатнасты.

Ушырасыўда Малайзия ҳәм Өзбекстанның диний-ағартыўшылық бағдарындағы билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери арасындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Малайзия исламды аңлаў институты директоры Муҳаммад Аъзам бин Муҳаммад Одил соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен диний тараўда кең көлемли реформалар әмелге асырылғаны, бул унамлы өзгерислерди пүткил дүнья жәмийетшилиги сыяқлы Малайзиядағы илимий топарлар да миннетдаршылық пенен қабыл етип атырғанын айрықша атап өтти.

Исламды аңлаў институты директоры Өзбекстандағы халықаралық илимий –изертлеў орайлары менен бирге ислесиўден миннетдар екенин атап өтти.

Ушырасыў ашық, конструктив, қызғын ҳәм дослық руўхта өтти.

ӨзА