Грант жойбарларын қалай утып аламыз?

391

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен «Дослық үйи»нде «Грант жазыў ҳәм утып алыў» атамасында семинар өткерилди.

Оған министрлик қурамындағы барлық емлеў профилактикалық мәкемелериниң, қалалық ҳәм районлық медицина бирлеспелериниң хызметкерлери қатнасты.

Семинарда «Grant park»тиң грант пенен ислесиў секторының қәнигеси Г.Нурназарова, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң инвестицияларды тартыў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳәм аутсорсингти раўажландырыў секторының бас қәнигеси З.Палўаниязова халықаралық ҳәм жергиликли грант жойбарларында қатнасыў ҳәм утып алыў усыллары туўралы мағлыўматлар берди.

– Халықаралық шөлкемлердиң грантларын алыўда ҳәр қыйлы баслама ҳәм жойбарларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилген жаңа “Гранд Парк” жойбарын таныстырып атырғанымыздан қуўанышлымыз,-дейди Республикалық балалар реабилитациясы орайының шыпакери Зулфия Дощекенова.

Жойбардың мақсети – грант алыў процесинде мәсләҳәтлер бериў, арза таярлаўда жәрдемлесиў ҳәм қоллап-қуўатлаў арқалы белсенди ҳәм перспективалы жойбарларды жаңа басқышқа көтериўге жәрдемлесиў болып есапланады. Бул жойбар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жәрдеминде әмелге асырылып атырғаны оның әҳмийетли ҳәм исенимли екенлигин көрсетеди.

Гранд Парк инновациялық идеялар раўажланатуғын, талантлы инсанлар өз мақсетлерин әмелге асыра алатуғын майданға айланатуғынына исенемиз.

Илажда қатнасыўшыларға тийкарынан халықаралық грантларды излеў ҳәм тартыў, грантлар ушын буйыртпалар таярлаў ҳәм тапсырыў, грант жойбарларын муўапықластырыў ҳәм басқарыў, қаржы, есап-санақ ҳәм грантлар бойынша есабат тапсырыў, грант жойбарларының нәтийжелилигин мониторинг етиў ҳәм баҳалаў, халықаралық донорлар ҳәм бирге ислесиўшилер менен өз-ара сөйлесиў мәселелери бойынша түсиниклер берилди.

Семинар даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған  сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги