Өзбекстан ЮНЕСКО Атқарыў кеңеси ағзалығына кандидатурасын рәсмий түрде алға қойды

ЮНЕСКОның Париждеги бас резиденциясында Өзбекстанның ЮНЕСКО Атқарыў кеңеси ағзалығына кандидатурасын рәсмий түрде алға қойыўға бағышланған ушырасыў өткерилди.
Онда Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының баслығы Гаяне Умерова, Өзбекстанның ЮНЕСКО жанындағы турақлы ўәкили Камол Мухторов ҳәм ЮНЕСКО Атқарыў кеңесиниң баслығы Вера Лакей қатнасты.
Ушырасыўда мәмлекеттиң ЮНЕСКО мақсетлерине садықлығы ҳәм шөлкем жумысына қосып атырған турақлы үлеси атап өтилди. Бул ушырасыў ўақтында Өзбекстан 2027-2030-жыллар даўамында ЮНЕСКО Атқарыў кеңеси ағзалығына кандидатурасын рәсмий түрде алға қойғаны мәлим етилди.
Тәреплер мәдениятлараралық қарым-қатнасты беккемлеў, жаңа басламаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм 2025-жылы ноябрь айында Самарқандта өткерилиўи режелестирилген ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы шеңберинде додаланыўы күтилип атырған жойбарлар бойынша да пикир алысты.
Қордың мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, ушырасыўда Өзбекстанның бул басламасы халықаралық мәдений бирге ислесиўге садықлығы ҳәм әмелий жумысының айқын үлгиси сыпатында атап өтилди.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА