Соның есабынан жүдә көп жаңа жумыс орынлары жаратылатуғыны, валютаның үнемленетуғыны ҳәм уқсас тараўлардың раўажланатуғыны көрсетип өтилди.
Ўәлаят ҳәкимлерине ҳәр айда исбилерменлер менен ярмарка өткерип, өзинде жаңадан-жаңа өнимлерди ислеп шығарыў системасын жолға қойыў тапсырылды.
Ҳәзир әмелге асырылып атырған 75 миллиард долларлық ири инвестициялық жойбарлардың 28 миллиард долларын жергиликли өнимлер арқалы қаплаў мүмкин екенине есап-санақ жүргизилген.
Жуўапкер адамларға тармақлар ҳәм ўәлаят ҳәкимлери менен биргеликте район ҳәм кәрханалар кесиминде 2025-жылы жаңа өнимлерди ислеп шығарыў бойынша бағдарлама таярлаў тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги