Өзбекстан Журналистлер аўқамында Ташкенттеги Гейдар Әлиев атындағы Әзербайжан Мәденият орайының жуўапкерлери – жаңадан тайынланған директор Акиф Марифли ҳәм басшы Юсиф  Маммадов пенен ушырасыў өткерилди.

Сөйлесиў даўамында еки туўысқан халық арасындағы дослық байланыслар барлық тараўлар, соның ишинде, мәдений-ағартыўшылық, медиа бағдарларында да раўажланып атырғаны атап өтилди.

Аўқам баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Холмурод Салимов мийманларға жәмәәтте жолға қойылған жумыс системасы, аўқамның тарийхы, бүгинги күни ҳаққында айтып берди. Орай хызметкерлери мәлимлеме хызмети ҳәм медиа орайы сондай-ақ, «Ҳуррият» газетасының жумысы менен де жақыннан танысты.

Тәреплер келешекте әмелге асырылатуғын улыўмалық илажлар ҳаққында пикир алысты. Бирге ислесиўди избе-из раўажландырыўға келисип алынды.

ӨзА