«Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама жойбарында халықтың саламатлығын жақсылаў, экологиялық турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм инсан потенциалын әмелге асырыў ушын шараятларды жаратыў мәмлекеттиң раўажланыўының тийкарғы бағдарыларынан бири сыпатында белгиленген.
Мәмлекетлик бағдарламада орыналған 5 тийкарғы бағдарда ҳәр бир инсанға өз имканиятын әмелге асырыў ушын мүнәсип шараятлар жаратыў, социаллық тараўды раўажландырыўға қаратылған мақсетлер қамтып алынған.
Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери ҳәм Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық қатнасықлар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетлериниң биргеликтеги мәжилисинде усы ҳаққында сөз етилди.
Быйылғы жылы 6 жастағы балаларды мектепке таярлаў системасы менен қамтып алыў дәрежесин 98 процентке жектериў, улыўма орта билилендириў мәкемелери ушын 65 атамадағы жаңа сабақлықлар, шынығыўдәптерлери, оқытыўшы методика китапларын жаратыў ҳәм әмелиятқа енгизиў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген. Улыўма орта билимлендириўди раўажландырыў ушын жеке меншик секторды кеңнен тартыў мақсетинде мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў мектеплериниң санын 600ге жеткериў нәзерде тутылған.
Сырт елли илимий шөлкем ҳәм университетлерге илимий стажировкаға жиберилген изертлеўшилердиң улыўма санында 35 жасқа шекемги изертлеўшилердиң үлеси 80 процентке арттырылады.
Денсаўлықты сақлаў тараўында 7,1 миллион 40 ҳәм оннан үлкен жастағы халық арасында ең көп ушырасатуғын жүрек қан-тамыр, қантлы диабет, өкпениң жуқпалы обструктивлик кеселликлериниң қәўипин анықлаў мақсетинде профилактикалық тексериўлерди өткериў ҳәм 3 – 18 жастағы 10 миллион балаларда онкогематологиялық кеселликлерди ерте анықлаў бойынша ғалаба ҳәм селектив скринингтен өткериў илажлары режелестирилмекте.
Мәжилис даўамында «Өзбекстан – 2030» стратегиясының «Қәўипсиз ҳәм тынышлықты сүйиўши мәмлекет» принципине тийкарланған сиясатты избе-из даўам еттириў бағдарында мәмлекеттиң тынышлықты сүйиўши, прагматикалық жедел ҳәм избе-из сыртқы сиясатын әмелге асырыўға байланыслы 10 мақсетти қамтып алған усыныслар да көрип шығылды.
Ратификацияланған халықаралық шәртнамалар бойынша миннетлемелердиң орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў, жетекши халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер менен перспективалы бирге ислесиў бағдарларын кеңейтиў ҳәм Өзбекстан Республикасының БМШтағы орны ҳәм абырайын арттырыўға қаратылған илажлар нәзерде тутылмақта.
Сенаторлар тәрепинен улыўма билимлендириў мектеплеринде билимлендириўдиң сапасын арттырыў, жоқары билимлендириў мәкемелери рейтингин жақсылаў, жас изертлеўшилердиң үлесин арттырыў, олардың илимий излениўлерин қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Жаңа Өзбекстанның сыртқы сиясатын халық ҳәм мәмлекеттиң мәплеринен келип шыққан ҳалда избе-из әмелге асырыўға қаратылған усыныслар билдирилди.
Халықаралық бирге ислесиў, сырт ел инвестициялары ҳәм туризмди жедел раўажландырыў ҳәм халыққа сапалы медициналық жәрдем көрсетиў бойынша белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда жуўапкер министрликлер менен уйымлардың бирге ислесиўин күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Сенаторлар, экспертлер ҳәм қәнигелер тәрепинен мәмлекетлик бағдарламаның жойбарына бир қатар усыныслар берилди.
Н.Абдураимова, ӨзА