Кай Хаверцтың ҳәмиледар ҳаялын социаллық тармақлар арқалы қорқытып атыр, деп жазбақта «ВВС» басылымы.

«Арсенал» командасы екшемби күни Англия кубогинде «Манчестер Юнайтед»тен утылып турнирди тәрк еткеннен соң «Арсенал» ҳүжимшиси Кей Хаверцтың ҳаялы социаллық тармақлар арқалы қәўетерли хабар алғанын мәлим еткен.  Олардың арасында «Үмит етемен, сен аборт ислетесең», «Ҳәзиллесип атырғаным жоқ, мен үйиңе барып балаңды өлтиремен» сыяқлы қәўетерли қорқытыўлар да болған.

Кай Хаверц бул ойында дерлик бос қалған «МЮ» дәрўазасына гол киргизе алмаған ҳәм ақырында пеналтиден де пайдалана алмаған еди. Бул қорқытыўларға футболшының ойындағы унамсыз ҳәрекетлери себеп болған, делинеди хабарларда.

Ҳәзир, «Арсенал» клубы бул жағдай бойынша, қәўетерли хабарлар жиберген социаллық тармақ пайдаланыўшыларын анықлаў ушын полицияға арза берген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги